Имтиханлар ашық-айдын түрде өткерилмекте

215

Ҳәзирги күнлери республикамыздағы басқа жоқары оқыў орынларында болғаны сыяқлы, ϴзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалына 2025-2026-оқыў жылы ушын спорт искерлиги қәнигелигине (искерлик түрлери бойынша) абитуриентлер кәсиплик (дөретиўшилик) имитханларын тапсырмақта.

Имтиханлардыӊ әдалатлы, ашық-айдынлық принциплери тийкарында өтиўин тәмийинлеў мақсетинде, ϴзбекстан Республикасы Спорт министрлиги бөлим баслығы Фарҳод Турдиев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаевлар бул сынақларды турақлы түрде бақлап бармақта.

Сондай-ақ, имитханлардыӊ әдил өтиўин тәмийинлеў ушын абитуриентлердиӊ ата-аналары ушын перзентлериниӊ имтихан тапсырыў барысын бақлап барыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

-Ҳәр бир кәсиплик (дөретиўшилик) имитханын тапсырыўшы абитурентлердиӊ топлаған баллары белгиленген тәртипте планшетке жайластырылып, сол ўақыттыӊ өзинде абитуренттин қол телефонына топлаған баллары СМС хабар етип жиберилмекте,-дейди Қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери Азамат Примбетов-Буннан тысқары өзлериниӊ топлаған балларынан наразы болған абитуриентлер шағым етиўи ушын филиалда апеллеация комиссиясы турақлы түрде жумыс алып бармақта.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, ϴзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалына кәсиплик дөретиўшилик имтиханлары усы жылдыӊ 7 ҳәм 17-июль күнлери аралығында болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.