Хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған профилактика инспекторы “Жасорат” медалы менен сыйлықланды

Әндижан ўәлаяты ҳәкими Шуҳратбек Абдураҳмонов басшылығындағы бир топар жуўапкерлер өз хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған Хожаабад районы “Юксалиш” мәкан пуқаралар жыйыны ишки ислер профилактика инспекторы, аға лейтенант Абдурасул Абдувалиевтиң шаңарағында болды.
Ўәлаят ҳәкими марҳум профилактика инспекторының ата-анасына кеўил айтып, оның жәмийетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға қосқан үлкен үлесин айрықша атап өтти. Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына тийкарланып Абдурасул Абдувалиевке өлиминен соң берилген “Жасорат” медалы оның шаңарақ ағзаларына тапсырылды.

Мағлыўмат ушын, Хожаабад районы ишки ислер бөлими Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети, Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими профилактика инспекторы, аға лейтенант Абдурасул Абдувалиев усы жылдың 1-июль күни хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында пышақланып, қайтыс болған еди.
Ф.Убайдуллаев, З.Умрзоқов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары






