Хызметкер жыллық мийнет дем алысынан тысқары өз есабынан неше күнге шекем дем алыўы мүмкин?

186

Ҳуқықый мүнәсибет

Июль айында мийнет дем алысын алған хызметкер август айында өз есабынан дем алысқа шықса бола ма?

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети оқытыўшысы Жалолиддин Қўчқоров бул бойынша төмендегилерди мәлим етти:

– Мийнет кодексиниң 241-статьясына бола, мийнет ҳақысы сақланбаған дем алыс дегенде хызметкердиң жумыс орны (лаўазымы) сақланып қалған ҳалда ҳақы төленбейтуғын дем алыс түсиниледи.

Хызметкердиң жазба арзасына бола, оған мийнет ҳақысы сақланбайтуғын дем алыс берилиўи мүмкин болып, оның даўамлылығы хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы келисимге бола белгиленеди, бирақ ол он еки айлық дәўир даўамында жәми үш айдан артық болмаўы керек.

Жоқарыдағы нормаға бола, жумыс бериўши менен келисе алсаныз ғана өз есабыңыздан 1 жылда үш айға шекем дем алыс алыўыңыз мүмкин. Жумыс бериўши разы болмаса ала алмайсыз. Бирақ, хызметкердиң қәлеўине бола, мийнет ҳақысы сақланбаған дем алыс төмендегилерге мәжбүрий тәртипте бериледи:

– I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға – ҳәр жылы он төрт календарь күнге шекем,

еки жастан үш жасқа шекемги баланы ҳақыйқый тәрбиялап атырған баланың ата-анасынан бирине (қәўендерине), апасына, атасына яки басқа туўысқанына.

Сондай-ақ, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық балаларды яки он алты жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-анасының бирине (ата-ананың орнын басыўшы шахсқа) – ҳәр жылы он төрт календарь күнине шекем бериледи.

ӨзА