Картошка жетистириўде жаңа басқыш  жолға қойылмақта

186

Соңғы жыллары елимиздиң аўыл хожалығы тараўында сапалы ҳәм жергиликли климатқа  сәйкес егинлердиң  туқымгершилик системасын жолға қойыў бойынша бир қатар реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, халықтың қыйтақ жерлеринен  нәтийжели пайдаланыў, елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Усы мақсетте Әмиўдәря районында да унамлы тәжирийбелер жолға қойылмақта. Соның ишинде, Холимбег аўылында жасаўшы  қыйтақ жер ийеси Еркин Қошаевтың басламасы менен районда биринши мәрте картошка туқымгершилиги әмелиятқа енгизиле баслады. Оған Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң жәрдеминде 300 килограмм “Ташкент” сортлы картошка туқымы жеткерип берилди. Бул туқымлықлар 10 сотих жер майданына егилип, нәтийжеде 3,4 тоннаға шекем жоқары өним алынды. Бул болса бир ғана қыйтақ жерде қысқа мүддетте жоқары өнимдарлыққа ерисиў мүмкин екенлигин және бир мәрте дәлилледи.

Еркин Қошаевтың ис-ҳәрекетлери тек ғана өз қыйтақ жериниң өнимдарлығын арттырып қоймастан, ал район көлеминде жаңа бағдарды баслап берди. Буннан руўхланған жуўапкер шөлкемлер тәрепинен ҳәзирги күнде Әмиўдәря районы мысалында картошка туқымгершилигин раўажландырыў бойынша арнаўлы илажлар режеси ислеп шығылмақта.

Әмиўдәря районы ҳәкимлиги, районлық аўыл хожалығы бөлими ҳәм тәжирийбели агрономлар менен биргеликте бул басламаны кеңейтиў, туқымгершиликти илимий қатнас тийкарында жолға қойыў, зәрүр агротехникалық илажлар ҳәм оқыў-семинарларын шөлкемлестириў арқалы бул тараўда жаңа жетискенликлерге ерисиў мақсет етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги