АҚШтың Украинаға жәрдеминиң муғдары мәлим етилди

156

АҚШтың Украинаға усы ўақытқа шекем көрсеткен жәрдеминиң муғдары 123,3 миллиард долларға жетти, деп жазды “РИА Новости” ашық мағлыўматлар ҳәм Германияның Киле Жәҳән экономикасы институтының есабатына сүйенип.

Атап өтилиўинше, 2025-жылдың апрелине шекем Қурама Штатлар Украинаға 123,3 миллиард доллар муғдарында түрли жәрдем өткерген. Бул қаржының ең үлкен үлеси әскерий жәрдем – 69,5 миллиард доллар. Кейинги орынларда финанслық жәрдем – 50,1 миллиард доллар ҳәм гуманитарлық жәрдем – 3,7 миллиард долларды қураған. Усы жыл май айынан июль айының басына шекем ҳеш қандай жәрдем көрсетилмеген.

Февральда ғалаба хабар қураллары Қурама Штатлар Украинаға қурал жеткерип бериўди тоқтатқаны, кейин ала болса қайта тикленгени ҳаққында хабар тарқатты. Пентагон АҚШ 4-марттан баслап Украинаға ҳәр қандай әскерий жәрдем тоқтатылғаны ҳаққында жазды. Арадан бир ҳәпте өтип, 11-март күни Саудия Арабстанында болып өткен АҚШ ҳәм Украина делегацияларының сөйлесиўлери жуўмағында Президент Владимир Зеленский офиси Киев ҳәм Вашингтонның биргеликтеги билдириўин жәриялады. Ҳүжжетте Қурама Штатлар разведка мағлыўматларын алмасыўдағы тәнепис тезлик пенен бийкар етилетуғыны, Украинаға әскерий жәрдем жеткерип бериў даўам еттирилетуғыны айтылған.

Сол себепли, июль айының басында “Politico” басылымы Америка резерви таўсылып атырғаны мүнәсибети менен АҚШтан Украинаға оқ-дәрилер ҳәм қурал-жарақ жеткерип бериў тоқтатылғаны ҳаққында хабар тарқатқан еди.

Ақ үй ўәкили Анна Келли “NBC” телеканалына жеткерип бериў тоқтатылғаны фактин тастыйықлап, бул қарар Америка мәпин биринши орынға қойыў мақсетинде қабыл етилгенин атап өтти.

С.Раҳимов, ӨзА