Пашинян: Арменияға жаңа конституция керек!

131

Армения Бас министри Никол Пашинян тийкарғы нызам қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған салтанатлы илажда шығып сөйлеп, мәмлекет жаңа конституцияға мүтәж екенин және бир мәрте атап өтти:

– Армения Республикасына пуқаралардың даўысы менен мақулланған жаңа конституция керек. Халық конституция өзиники, ўатаны, мәмлекетиндеги турмыс қағыйдасы екенин сезсин.

1995-жылы 5-июльде қабыл етилген бул мәмлекет Конституциясына еки мәрте – 2005 ҳәм 2015-жыллары өзгерис киргизилген. 2015-жылғы реформа нәтийжесинде мәмлекет ярым президентлик басқарыўынан парламентлик басқарыў формасына өткен.

2024-жыл январьда Пашинян «жаңа геосиясий шараятта мәмлекеттиң өмиршеңлигин тәмийинлейтуғын» жаңа конституция зәрүрлиги ҳаққында айтқан еди. Кейин ала ол Конституцияға тийкар болған Ғәрезсизлик декларациясы қағыйдасының артынан мәмлекет урыс қәўпи астында қалып атырғанын қосымша еткен.

Бизге белгили, Әзербайжан бәрқулла Қарабағты Армения менен бирлестириў ҳаққында тиккелей шақырық бар екенин атап өтип, қоңсы мәмлекеттиң Конституциясына өзгерис киргизиўди талап етип келеди. Президент Илҳам Алиевтиң пикиринше, сонда ғана Баку ҳәм Ереван арасында тынышлыққа ерисиў мүмкин.

С.Раҳимов, ӨзА