Пакистанда муссон жаўыны: қурбанлар 72 адам
135

Пакистан бойлап муссон жаўыны себепли жүзеге келген суў тасқыны қурбанларының саны 72 адамға жетти. Бул ҳаққында Тәбийғый апатшылықларды басқарыў миллий басқармасы (NDMA) мәлим етти.
Департаменттиң мағлыўматына бола, Хайбер-Пахтунхва, Шығыс Панжаб, Синд ҳәм Белужистан ўәлаятларында күшли жаўын-шашын даўам етпекте.
130 дан аслам адам жәбирленген. Билдириўде айтылыўынша, жаўын-шашын күшейиўи мүмкин. Сол себепли жергиликли ҳүкиметлер айрықша сергек болыўға шақырылған.
Пакистанда ҳәр жылы июльден сентябрьге шекем муссон жаўыны бақланады. Тәбийғый апатшылық көп жағдайларда жүзлеген инсанлардың өлимине себепши болады, экономикаға үлкен материаллық зыян жеткереди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги