Перспективалы бағдарлар бойынша усыныслар ислеп шығылды

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына келди. Сапар даўамында министрге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Шуҳрат Тешаев жолдас болды.

Сапардың тийкарғы мақсети – регионда аўыл хожалығын раўажландырыўдың жаңа бағдарларын белгилеў ҳәм бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўды көзден өткериў болып есапланады.
Министр дәслеп Хожели районындағы «Шукурулла Толғанай» фермер хожалығының атызында болды.
Атыз аймағында шөлкемлестирилген илаж шеңберинде министр дәслеп, ғәлледен босаған жер майданларына тәкирарый егин сыпатында егилген гүнжи ҳәм мәш егинлериниң жағдайын көзден өткерди. Соның менен бирге, ғаўаша майданларында әмелге асырылып атырған агротехникалық илажлар, олардың сапасы ҳәм мүддетлери менен танысып, бул процесслерге байланыслы әҳмийетли мәселелерге итибар қаратты.
Бул хожалықта 6 гектарлық жерге С-4728 пахта сорты бир қатарлы етип егилген. Бул сорт шорға шыдамлылығы, ыссы климатқа бейимлесиўшеңлиги ҳәм өнимдарлығы менен ажыралып турады. Усы бағдарда әмелге асырылып атырған тәжирийбелер, әсиресе, Қарақалпақстан сыяқлы қурамалы агроклиматлық аймақлар ушын оғада айрықша әҳмийетке ийе.
Министр бул жерде ғаўашаның өсиў басқышына жәрдем бериўши “Sajem” препаратын қолланыў бойынша усыныслар берди. Сондай-ақ, өсимликлер вегетациясын жеделлестириў, шорланған жерлерде өнимдарлықты арттырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстанда климат шараятына сәйкес, шорға шыдамлы, өнимдарлығы жоқары болған пахта сортларын жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша системалы жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтиў керек. С-4728 сорты болса, бул бағдардағы илим, тәжирийбе ҳәм әмелияттың үйлесиклигиниң айқын үлгиси болып хызмет етпекте.
Қарақалпақстан сыяқлы тәбияты қурамалы, ресурслары шекленген аймақларда да заманагөй қатнаслар ҳәм илимий тийкарланған тәжирийбелердиң кеңнен енгизилип атырғаны мәмлекетимиздиң аграр сиясатының пуқта ҳәм узақты гөзлеген стратегиясынан дерек береди.
Бул нәрсе тек ғана бүгинги өним емес, ал ертеңги азық-аўқат қәўипсизлиги, экспорт потенциалы ҳәм дийқан мәпиниң исенимли кепили болып есапланады.
Аўыл хожалығы министри И.Абдураҳмонов Хожели районы Аўыл хожалығы бөлиминде де болып, шараятлары ҳәм материаллық-техникалық базасы менен жақыннан танысты.

Атап өтилгениндей, ҳәр қандай реформа, бәринен бурын, инсанның өзинен – оның дүньяға көзқарасы, кәсипке болған пидайылығы ҳәм қатнасынан басланады. Соның ушын да, ҳәр бир басшы ҳәм хызметкер жумыс орнына кирип келген ўақыттан-ақ, бул жерде реформалар ҳәм өзгерислер даўам етип атырғанын анық сезиўи керек.
Ушырасыў даўамында бөлим баслығы ҳәм хызметкерлерге анық тапсырмалар берилди. Ең тийкарғы ўазыйпа – пуқаралар менен ашық, қызғын ҳәм нәтийжели қарым-қатнасты жолға қойыў, имараттың сыртқы ҳәм ишки көринисинде тәртип, тазалық, интизам және миймандослық орталығын жаратыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Ҳәр бир келген пуқара өзин қәдирленген, тыңланған ҳәм керекли мағлыўматты алған ҳалда сезиўи керек. Бөлим тек ғана қағазпазлық ҳәм рәсмийлестириў орайы емес, ал аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған терең реформалардың “жүзи-көзи,” ҳәр бир дийқан ҳәм фермер ушын исенимли орын болыўы зәрүр. Әне, усы жерден үлгили қатнас басланыўы керек.
Аўыл хожалығы министри Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети жанындағы нәсилшилик илимий-өндирислик орайының Қарақалпақстан филиалында әмелге асырылып атырған илимий-изертлеўлер процеси менен де жақыннан танысты.
Орайда Голштин, Симментал, Лимузин, Ангус сыяқлы ири нәсилли қарамаллардың жети нәсилин бағыў, оларды жергиликли климатлық ҳәм экологиялық шараятларға бейимлестириў бойынша алып барылып атырған жумысларды көзден өткерди. Бүгинги күнде орай қәнигелери бул нәсиллерди өз-ара шағылыстырыў арқалы Қарақалпақстан аймағының қатаң климатына сәйкес, жоқары өнимдарлыққа ийе болған жаңа гибрид нәсиллерди жаратыў үстинде илимий излениўлер алып бармақта.
Бизге белгили, соңғы жыллары мәмлекетимиз аграр тараўының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында нәсилли қарамаллар санын көбейтиў, гөш ҳәм сүт өнимдарлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан филиалында заманагөй in-vitro лаборатория шөлкемлестирилип, онда жасалма туқымландырыў, заманагөй селекция ҳәм генетикалық мониторинг жумыслары алдынғы технологиялар тийкарында алып барылмақта.
“Нәсилшилик” илимий-өндирислик орайы филиалында “инвитро” технологиясы тийкарында шарўа малының эмбрион туқымларын көбейтиў процеси менен танысты.
Министр И.Абдураҳмонов лабораториядағы шараятлар менен танысып, қәнигелерге бир қатар әмелий усыныслар берди. Соның ишинде, туқымлардың өмиршенлигин арттырыў ҳәм жоқары нәтийжелиликке ерисиў ушын лабораториялық орталықтағы температураның турақлылығын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул, өз гезегинде, тек ғана туқымның сапасына емес, ал келешекте жоқары өнимдарлықты көрсететуғын мәңги нәсиллердиң қәлиплесиўине де тиккелей тәсир етеди.

Сондай-ақ, министр инкубация процесинде сыртқы орталық факторларының унамсыз тәсирин шеклеў, хызметкерлердиң лабораторияға кирип-шығыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў, шаң ҳәм бактериал араласпаларды минималластырыў, герметикалық қорғаныў қуралларын күшейтиў зәрүрлигин айрықша атап өтти. Себеби санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң әмел етилмеўи селекция процесиниң нәтийжелерине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Бүгинги күнде нәсилшилик орайының Қарақалпақстан филиалы тек ғана жергиликли экологиялық шараятларға бейимлескен емес, ал жоқары шыдамлылық ҳәм өнимдарлыққа ийе қарамал нәсиллерин жаратыўда әҳмийетли илимий мектепке айланып бармақта. Бул тек ғана Қарақалпақстан емес, ал мәмлекетимиз көлеминде гөш ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыўды арттырыў, ишки базардың талабын толық қанаатландырыў ҳәм экспорт потенциалын беккемлеў имканиятын береди.

Бир сөз бенен айтқанда, Қарақалпақстанда илимий тийкарланған селекция ҳәм заманагөй нәсилшилик процесслериниң жаңа басқышы тек ғана шарўашылық тараўының турақлы раўажланыўы емес, ал регионның азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде де әҳмийетли фактор болмақта.
Сапар даўамында Нөкис районында жайласқан “Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспеси” тәрепинен шөлкемлестирилген тамшылатып суўғарыў усылындағы салы егислик майданы ҳәм “Нөкис бройлер” қусшылық кәрханасына да барды.
Сондай-ақ, коллекторда үйрек бағыў бойынша пилот жойбар да үйренилди.
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери, район ҳәкимлериниң аўыл ҳәм суў хожалықлары бойынша орынбасарларының қатнасыўында мәжилис өткерилип, онда “Қоймахана дәптери” шеңберинде әмелге асырылған жумыслар ҳәм әҳмийетли мәселелер додаланды.

Заманагөй аўыл хожалығы технологияларын, илимий жетискенликлерди әмелиятқа енгизиў ҳәм тараўға байланыслы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, бар имканиятлар ҳәм перспективалы бағдарлар бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.