Жаңа концепция жаңа шеклерге бағдарламақта

Соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири сыпатында мәмлекетлик басқарыў ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын түпкиликли реформалаў, мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў, ўәкилликли уйымларда қадағалаўдың нәтийжели ҳәм тәсирли механизмлерин жолға қойыў бойынша басқышпа-басқыш жумыслар алып барылмақта.
Халық ҳәкимиятшылығын толық әмелге асырыў бойынша жергиликли Кеңеслерге аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты қыйнап киятырған әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм жергиликли атқарыў уйымлары үстинен тәсиршең қадағалаў орнатыў бойынша бир қатар қосымша ўәкилликлер берилди.
Жергиликли Кеңеслердиң жумысын шөлкемлестириўшилик, мәлимлеме-таллаў ҳәм техникалық қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 2020-жылы жергиликли Кеңеслерде турақлы тийкарда жумыс жүргизиўши секретариятлар жумысы жолға қойылды.
Жаңаланған Конституция тийкарында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларына өз жумысын әмелге асырыўына жәрдем бериў Олий Мажлис Сенатиның тийкарғы ўәкилликлериниң бири сыпатында белгиленди. Сенат қурамында Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдем беретуғын комиссия, Аймақлық ўәкиллик уйымлары жумысын үйрениў орайы шөлкемлестирилди. Олар тәрепинен жергиликли кеңеслердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде шөлкемлестириўшилик, ҳуқықый, методикалық ҳәм басқа мәсләҳәт жәрдемлерин көрсетип келмекте.
Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы 20 дан аслам қарарлар қабылланып, жергиликли Кеңеслер жумысын тәртипке салыўшы ҳуқықый тийкарлар менен беккемленди.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 2-февральдағы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысын жаңа модел — «Күшли Кеңес, есап бериўши ҳәм басламашыл ҳәким» принципи бойынша реформалаўға қаратылған бир қатар тәртиплер белгилеп берилди.
Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиў, халықтың тиккелей ерки тийкарында қарар қабыл етиў талап етилетуғын жәми 33 ўәкиллик жергиликли Кеңеслер ўәкиллигине өткерилди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысында ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў, жергиликли кеңес депутатлары менен пуқаралар арасында электрон байланыс майданын жаратыў, норма дөретиўшилиги жумысын әпиўайыластырыў мақсетинде «E-Kengash» электрон платформасы енгизилди.
Жаңа редакциядағы Конституцияға муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўәкилликлери, жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымлары бир-биринен ажыратылып, ҳәкимиятлар бөлиниўине тийисли конституциялық принциптиң жергиликли дәрежеде де белгилениўине ерисилди.
2024-жыл октябрь айындағы сайлаў жуўмақлары бойынша қәлиплескен гезектеги шақырық Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслеринде биринши мәрте Кеңес баслықлары сайланды.
Әмелге асырылған жоқарыдағы реформалар менен бирге, жаңаланған конституциялық-ҳуқықый шараятларда бул тәртиплерди әмелге асырыў, мәмлекетимиздиң демократиялық раўажланыўының тийкарғы бағдарларын жетилистириў ҳәм әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
Сондай-ақ, «Өзбекстан— 2030» стратегиясында белгилеп алынған мақсетлер жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларын халықтың еркин сәўлелендириўши институтқа айландырыў, жергиликли ўәкиллик ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ўәкилликлериниң анық бөлистирилген жаңа моделин жолға қойыўды талап етпекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 2-февральдағы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепцияси ислеп шығылды.
Бул Концепция Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслери жумысларын нәтийжели трансформациялаў, жергиликли Кеңеслердиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм басқа мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўин раўажландырыў, олардың жумысында жәмийетшиликтиң кеңнен қатнасыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Президентимиздиң жоқарыда аты көрсетилген пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде таярланған.
Концепция мәмлекетимизде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыўдың мақсет ҳәм баслы ўазыйпалары, келешектеги бағдарларын белгилейди ҳәм тараўға байланыслы илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ушын тийкар болады.
Ҳамза Абдижалиев,
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.