Жасларды жәмлестирип атырған жарыслар

178

Әлбетте, спорт – саламатлық гиреўи.  Сонлықтан да, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бүгинниң баслы талапларынан болып, елимиз бойлап спортты және де раўажландырыў, профессионал спортшылардың қатарында ҳәўескер спортшылар ушын да зәрүр шараятларды жаратыў ҳәм спортшылардың қатарын еле де кеңейтиўге үлкен итибар қаратылмақта.

Өзбекстан стол тенниси федерациясы Қарақалпақстан бөлиминде спорттың стол тенниси түри бойынша спортшылар арасында “Салық комитети кубоги” беллесиўлериниң гезектеги Қарақалпақстан Республика басқышы өткерилди.

Онда усы жарыстың район (қала)лық басқышларында жеңимпаз болған 120 ға шамалас спортшы жаслар U15 ҳәм U17, яғный 2 жас категориясында өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында қызлар арасында Күнсулыў Қошмуратова, ер балалар арасында Мусабек Толиевлар биринши орынды  ийеледи.

Өзбекстан стол тенниси федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Х.Бекчанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаевлар жеңимпазларды қызғын қутлықлады.

 

– Мен спорттың стол тенниси түри менен 12 жылдан берли шуғылланып келемен. Тренерим Бахтияр Хангелдиев. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилип атырған ҳәм бақа да жарысларға қатнасып, сыйлы орынларды жеңип алыўға ҳәрекет етип атырман. Бул жарыста қарсыласларым күшли болды. Алдынғы жарысларда арттырған тәжирийбем бүгин қол келди. Келешекте олимпиадаларға да қатнасып, елимиз байрағын бәлент көтерип сыйлы орынларды ийелеў нийетим бар. Бул ушын турақлы шынығып, қызғын таярлық көрип атырман,-дейди К.Кошмуратова.

Илажда жеңимпазларға кубок, медаль, баҳалы саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.