«Gold sendvich» тиң өнимлерине талап артпақта

Турмысқа енгизилип атырған реформалар нәтийжесинде бүгин өз бизнесин жолға қойып, өзи, шаңарағы, мәҳәллеси, ел-журттың абаданлығына мүнәсип үлес қосып атырған исбилерменлердиң қатары барған сайын кеңеймекте. Елимиз арасында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўға қызығыўшылық барған сайын артып бармақта. Әсиресе, өндириске болған талаптың артып баратырғаны арқалы жумыссыз пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленип, елимиздиң экономикасының раўажланыўына тийкар болмақта.
Тақыятас районындағы «Gold sendvich» ЖШЖ ның шөлкемлестирилгенине еле көп ўақыт болғаны жоқ. Пенопласт ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы кәрханада бес адамның бәнтлиги тәмийинленген. Соңғы ўақытларда қапының арасына, жайдың арасына қойыўға пайдаланатуғын пенопласт өнимине бүгинги күнде қарыйдарлардың талабы артып бармақта.

-Бул өним менен жайды қапласа қыста жыллы, жазда салқын болады. Яғный қыстың күнлери газди елиў процентке шекем үнемлеўге болады. Есиктиң арасына да салыўда қолланылып атыр. Қапы ислеўшилерден буйыртпалар келип түспекте. Жумыс тийкарынан буйыртпа бойынша исленеди. Яғный, шийки өнимди сырт мәмлекеттен алып келип, оны усы жерде таяр өним ҳалына келтиремиз. Халқымыз енди-енди бул өнимниң пайдасын түсинип жетпекте. Ҳәзирги ўақытта ишки базарға өнимлеримизди шығарып турған болсақ, алдағы ўақытларда жумыс көлемин кеңейтип, экспортқа шығарыў нийетиндемиз- дейди кәрхана исшиси Ислам Байниязов.

Киши санаат зонасына айланған кәрханадан пенопласт өнимин алып, оннан заманагөй усылда жайдың сыртын қаплаў менен шуғылланыўшы исбилерменлердиң де жумыслары раўажланбақта.
-Бизлер «Gold sendvich» кәрханасынан пенопласт өнимин алып, жайдың сыртын қаплайтуғын устахана шөлкемлестиргенбиз. Хайтек усылында ислеп атырған заманагөй термопанелге қарыйдарлардың талабы артып бармақта. Яғный, пенопласт пенен жайдың сыртын қаплап, оның сыртын заманагөй усылда безеп шығамыз,-дейди райондағы устахана исшиси Қ. Абдуллаев. Бүгин елимизде исбилерменлик ҳәм исбилерменлик тараўына пүткиллей жаңа орталық, жаңа нәпес ҳәм жаңаша көзқараслар кирип келмекте. Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар олардың жумыс нәтийжелилигин арттырмақта.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери