Пайдаланыўшыларға суйылттырылған газ қалай жеткерилмекте?

Қарақалпақстан Республикасы бойынша ҳәзирги ўақытта жәми 99 мың 970 жеке хожалық ҳәм 121 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми (бақша) суйылттырылған газ бенен тәмийинленип келинбекте.
Суйылттырылған газден пайдаланыўшыларға 2025-жылдың басынан 8504 тонна газ фонды ажыратылған болып, газди қайта ислеўши заводлардан толығы менен тасып алынды. Жеке хожалықлардың талабына муӯапық, 8195 тонна газ муғдары хожалықларға тарқатылды.

– Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы жеке хожалықларға суйылттырылған газди жеткерип бериў ушын айланба ҳәрекетте 151 мың 239 дана газ баллон ыдысларымыз бар,-дейди “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалының бөлим баслығы Р.Ибрагимов.
Бүгинги күнде кәрхананың орайлық қоймаханасында 417 дана, районлык газ аймақларының қоймаханаларында 3051 дана газ баллон ыдыслар бар.
Қарақалпақстан Республикасының суйылттырылган газден пайдаланыўшы жеке хожалықларына Е-газ онлайн программасы тийкарында ID карталар арқалы суйылттырылған газ жеткерип бериў жолға қойылған.
“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы арнаўлы газ баллонларды тасыўшы 27 дана «Исузу» маркалы автотранспортларға ийе. Олар өз гезегинде районлар аймағында жайласкан алыс аўылларға суйылттырылған газ баллонларды жеткерип бермекте.

Суйылттырылған газден пайдаланыўшы тутыныӯшыларға нефть-газди қайта ислеп шығарыӯшы заводлардан 6 дана «МАN» маркалы арнаӯлы автоцистерналарда усы жылға белгиленген газ муғдары филиалымызға тийисли газ толтырыӯ станциясы ҳәм газ қуйыӯ пунктлерине тасып келтирилмекте.
Суйылттырылған газ бенен өз ӯақтында тәмийинлеӯ мақсетинде газ толтырыӯ станциялары ҳәм пунктлер дислокация бойынша аймақларға бөлинген. Яғный, арқа районлар ушын Шымбай газ толтырыӯ пункти Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларын суйылттырлған газ бенен тәмийинлейди, Қоңырат районында жайласқан газ толтырыӯ пункти Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районларын тәмийинлейди, орайлық районларды Нөкис газ толтырыӯ станциясы тәмийинлейди, Ал, қубла районларды Әмиӯдәрья ҳәм Беруний районларында жайласқан газ толтырыӯ пунктлери тәмийинлейди.

Пуқаралардың газ баллонларынан қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде филиалымызға тийисли газ толтырыў станциясы ҳәм газ толтырыў пунтклеринде газ баллонларды сынаў ҳәм техникалық тексериўден өткериў лабораториялары жумыс ислеп турыпты.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.