Жеңимпаз жаслар, өз жойбарлары бойынша әмелге асырған жумысларын таныстырды

Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 2024-жыл апрель айында “Юксалиш” ҳəрекети “Search for Common Ground” халықаралық коммерциялық емес шөлкеминиң Өзбекстандағы филиалы ҳəм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги биргеликте #Yoshxabardor: “Жаслар коррупцияға қарсы” жойбарын баслаған еди.
Жойбардың мақсети – елимиздеги мәмлекетлик уйымлардың коррупцияға қарсы ҳәрекетлеринде жаслардыӊ қатнасыўын күшейтиў, бул иллеттиӊ алдын алыў ҳәм хабардар етиў түсиниклерин беккемлеў, олардың коррупцияға қарсы қәўипсиз ҳәм конструктив тәризде гүресиў бойынша жаңа көнликпелерди ийелеўинде әмелий жәрдем бериў болып табылады. Сондай-ақ, жаслардың коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ҳəрекетлерин көрсетип беретуғын ресурслар ҳəм платформаларды көбейтиў нәзерде тутылған.

Жойбар Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ ҳəм Қашқадəрья ўәлаятларында əмелге асырылды. Жойбарда қатнасыў ушын 16 жастан 29 жасқа шекемги талабанлар сəўбетлесиўден өткерилди ҳəм белсенди жаслар кластерлерин қəлиплестириў ушын таңлап алынды. Жаслар кластерлери ушын коррупцияға қарсы қәўипсиз ҳəм конструктив гүресиўге мүнəсип үлес қосыўына мүмкиншилик жарататуғын əмелий көнликпе ҳəм теориялық билимлерди бериўге бағдарланған тренинглер өткерилди.
Тренинглер, коррупцияның сыпатламасы ҳәм мәнисин, сондай-ақ, Өзбекстанда, атап айтқанда, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик тараўларында коррупцияның ҳәзирги жағдайын түсиниў, көнликпелерди қәлиплестириўге бағдарланған сессиялар, соның ишинде, системадағы коррупцияны анықлаў усыллары ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен үйренилетуғын әмелий изертлеўлерди ислеп шығыў басқышларын, бул компонент, сондай-ақ, мәплерди қорғаў процесслеринде қарама-қарсылықлы ҳәм гендерге тийисли тәреплер, соның ишинде, нәтийжели раўажланыў, бирге ислесиў ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен қарым-қатнасты өз ишине алған мәплерди алға қойыўда улыўма тийкарғы қатнасты өз ишине алды.

Тренинглерди табыслы жуўмақлаған ҳəм денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, бəнтлик тараўларында жергиликли коррупцияны анықлаў бойынша өз басламаларын алға қойған белсенди жаслар топарларының ҳəр бирине 3000 АҚШ долларынан 5 киши грант усыныс етилди.
Нөкис қаласында, #Yoshxabardor: “Жаслар коррупцияға қарсы” жойбарында Қарақалпақстан Республикасынан жеңимпаз болған жаслар, өз жойбарлары бойынша әмелге асырған жумысларын таныстырды. Онда денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, бәнтлик тараўы қәнигелери ҳәм белсенди жаслар қатнасты.

Илажда “Юксалиш” ҳәрекетиниң атқарыўшы директоры А.Маматханов, Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Романов, “Search for Common Ground” халықаралық шөлкеминиң Өзбекстандағы филиалының директоры К.Сайназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жойбарлардың қамтып алыўын республика көлеминде кеңейтиў ушын әмелий бирге ислесиў бағдарларын белгилеў, мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўдиң анық механизмлерин көрип шығыў бойынша пикир-усынысларын билдирип, презентациялар бойынша додалаўлар өткерилди.
Сондай-ақ, жаслар топарларының денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, бәнтлик тараўларында жергиликли коррупцияны анықлаў бойынша өз басламалары, алға қойған режелери додаланды.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги