Жаңа дәўирге исенимли қәдем: Өзбекстан-Әзербайжан бирге ислесиўиниң стратегиялық раўажланыўы

Мүнәсибет
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 2-июль күни Әзербайжанға әмелге асырған мәмлекетлик сапары – өзиниң мазмуны, әҳмийети, көлеми ҳәм нәтийжелери менен тек ғана еки мәмлекет емес, ал пүткил түркий дүнья ҳәм Евроазия регионы ушын үлкен тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя болды.
Соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы қатнасықлар дослық, исеним ҳәм өз-ара мәп принциплери тийкарында жедел пәт пенен раўажланбақта. Сонлықтан Президентимиздиң Баку қаласына сапары әйне өз ўақтындағы ҳәм тек ғана рәсмий емес, ал кең көлемли, әмелий нәтийжелерге бай басламалар менен ажыралып турды.
Мәмлекет басшылары тәрепинен қабыл етилген 2025-2029-жылларға мөлшерленген Аўқамласлық шәртнамасы бирге ислесиўди түп-тийкарынан жаңа басқышқа алып шығыў менен бирге, еки ел арасындағы ѳз-ара пайдалы ҳәм табыслы шерикликтиӊ айқын үлгиси болды.
Соны айрықша атап ѳтиў орынлы, бул ҳүжжет тек ғана сиясий-экономикалық емес, ал мәдений-гуманитарлық тараўларды қамтып алған ҳалда, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықлары арасындағы әййемги дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етеди.
Бүгинги күнде мәмлекетлер арасында 300 ге шамалас биргеликтеги кәрханалар жумыс алып барып атырған болып, саўда көлеми 25 процентке артып, 4 миллиард долларлық жойбарлар портфели қәлиплескен болып, бул санлардың артында өз-ара исеним ҳәм анық режелер жәмленген. Әсиресе, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы сыяқлы тараўлардағы ири жойбарлар еки мәмлекет турмысында үлкен экономикалық өзгерислерге тийкар болары сөзсиз.
Заман менен үнлес, экологиялық турақлылықты гөзлеген “жасыл энергетика” тараўындағы басламалар, жүклердиң Европаға транзити, Баку қаласында “Өзбекстан” паркине тийкар салыныўы – булардың барлығы еки халық арасындағы беккем дослықтың белгиси болып есапланады.
Сондай-ақ, миллий архитектура ҳәм заманагөй инфраструктура үйлесими болған Өзбекстан елшиханасының жаңа имаратының ашылыўы ҳәм бағ жойбары – тек ғана мәдений емес, ал мәмлекетлер аралық дипломатиялық байланыслар символы сыпатында айрықша орын ийелейди.
Соӊғы жылларда Әзербайжан менен Өзбекстан – тек ғана дипломатиялық емес, ал экономикалық, социаллық ҳәм мәдений жетискенликлерге тийкарланған жаңа дәўирге қәдем қойып, улыўма раўажланыў жолында үлги бола алатуғын ири регионаллық аўқамласлар сыпатында кѳзге тасланбақта.
Бул ѳзгерислер мәмлекетлер арасындағы 30 жыллық дипломатиялық қатнасықлар шеӊберинде ерисилген нәтийжелерге тийкарланған ҳалда әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап ѳтиўимиз тийис.
Президентимиздиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары, еки ел арасындағы стратегиялық шериклик тарийхында жаңа басқышты баслаўы менен бирге, ѳткерилген ушырасыў ҳәм сѳйлесиўлер тараўлардағы байланыслардың және де кеңнен раўажланыўына тийкар болыўы менен үлкен әҳмийетке ийе.
Руслан Джумамуратов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.