Бажыхана декларациясындағы өзгерислер таныстырылды

155

Бажыхана басқармасы қәнигелери тәрепинен “Хожели” шегара бажыхана постында пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар ҳәм жүк автотранспорт қуралларының айдаўшыларына усы жыл 2-июльден әмелиятқа енгизилген жолаўшы бажыхана декларациясы түрлерине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. Мақсет – щегара арқалы өтип атырған жолаўшылар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды нызамшылықтағы жаңалықлар менен таныстырыў болып есапланады.

Жаңа түрдеги жолаўшы бажыхана декларациясы алдынғы формалардан профилактикалық ҳәм информациялық әҳмийетке ийе екенлиги менен ажыралып туратуғынын атап өтиў керек. Онда мәмлекетимиз аймағына товарларды бажысыз алып кириў ҳәм оннан бажысыз алып шығыў нормалары, миллий ҳәм сырт ел валютасын резидент ҳәм резидент емеслер тәрепинен алып өтиў тәртиби, қадаған етилген товарлар дизими де келгизилген.

Илаж даўамында пуқараларға әмелдеги нызамшылық талапларын билмеў оларды жуўапкершиликтен азат етпейтуғыны, бажыхана шегараларын кесип өтиўде бажыхана нызамшылығына қатаң әмел етиўи ҳәм ҳеш қашан бажыхана хызметкерине “пара” усыныс етпеўи ескертилип, бажыхана хызметкериниң материаллық мәпдар болыў жағдайына дус келсе, Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним номерлерине қоңыраў етиўи соралды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.