Аяқ кийимде марихуана бар екен

179

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен 650-санлы “Маңғыстаў-Нөкис” жөнелисиндеги жолаўшы поездының 5-санлы вагонында киятырған Өзбекстан Республикасы пуқарасына тийисли жүклер бажыхана тексериўинен өткерилди.

Нәтийжеде, кийимлериниң арасындағы аяқ кийимниң ишине ақ қағазға оралған таза салмағы 32,29 грамм болған кептирилип майдаланған марихуана нәшебентлик затын мәмлекетимизге алып кирип атырғаны анықланды.

Бул жағдай бойынша, бажыхана уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 246-статьясы 2-бөлими тийкарында жынаят иси қозғатылып, тергеў уйымларына жиберилди.

Мағлыўмат ушын, усы жылдың басынан басқарма тәрепинен 554 грамм ҳәм 50 түп нәшебентлик қуралларының мәмлекетимиз шегаралары арқалы ҳәрекетлениўи ҳәм ишки аймақта айланысының алды алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги