Қоңыратлы исбилерменлер менен ашық пикирлесиў өткерилди

161

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен исбилерменлер менен жақыннан пикирлесиў, оларды қыйнап киятырған мәселелерди үйрениў ҳәм шешим табыў, аймақларда киши ҳәм орта бизнести буннан былай да раўажландырыў мақсетинде ашық сөйлесиўлер өткерилмекте. Әне, усындай ушырасыўлардың гезектегиси Қоңырат районында болып өтти.

Ушырасыўда бүгинги күнде елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде берилип атырған жеңилликлер ҳәм салық жеңилликлери, сондай-ақ, имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сәўбетлесиў даўамында барлық машқала ҳәм усыныслар толық үйренилип, машқалалардың көпшилиги сол жердиң өзинде шешилди. Соның менен бирге, қосымша үйрениў ҳәм ўақыт талап ететуғын айырым мәселелердиң шешими ушын мүддет белгиленди.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 19‑март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен тараўдың экономикадағы үлесин арттырыў ҳәм раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған ушырасыўы болып ѳтти.

Бул ушырасыўдан мақсет – киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң салық тараўындағы машқала ҳәм усыныслары менен шекленип қалмай, ал басқа тараўларда ушырасып атырған машқала ҳәм усынысларын да үйренип, тийисли мәкемелер менен биргеликте унамлы шешимин табыўдан ибарат.

Бүгинги күнде Қоӊырат районында 2468 (соннан, 1252 микрофирма, 109 киши кәрхана, 1107 жеке исбилермен) киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери исбилерменлик пенен шуғылланып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 2 трлн. 837 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 106,8 процентке орынланып, бюджетке қосымша 192 млрд. сум түсим түсти ямаса бюджетке түсимлер 2023‑жылға салыстырғанда 120 процентке, яғный 500 млрд. сумға өсимге ерисилди.

Соннан Қоӊырат районында бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 39,7 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 105,7 процентке орынланып, бюджетке қосымша 2,3 млрд. сум түсим тәмийинленди ямаса 2023‑жылға салыстырғанда 114 процентке, яғный 5,0 млрд. сумға өсим болды.

Сондай-ақ, Қоӊырат районында киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 2024‑жылы 74,7 млрд. сумлық салық тѳленип, бюджетке жәми түсимдеги үлеси 39,0 процентти қурады.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Салық кодекси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар ҳәм пәрманларына тийкарланып басқа да салық нызамшылық хүжжетлерине муўапық, Қоӊырат районында 2023‑жыл даўамында 616 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллерине 25,6 млрд. сумлық салық жеңилликлери қолланылған болса, 2024‑жыл даўамында 968 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллерине 32,1 млрд. сумлық салық жеңилликлери қолланылып, бул көрсеткиш 125,4 процентке асқан.

Бул қаржылар исбилерменлердиң өз ықтыярында қалдырылыўы нәтийжесинде кәрханалар тәрепинен исбилерменликти кеңейтиўге, жумысшылар санының артыўына ҳәм сол арқалы бәнтликке көмеклесиўге тийкар жаратылмақта.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар исбилерменлердиң машқалаларын нәтийжели шешиў, орынларда өндирис кәрханалары жумысының турақлылығын тәмийинлеў, олардың жумысын кеңейтиў ҳәм сол арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли.

Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қыйнап киятырған машқала ҳәм пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.