Дослық: балаларға той, жасларға байрам илажлары

2022-жылы Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм районлар комплексли түрде социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларға, соның ишинде, Қанлыкөл районы Сырдәрья ўәлаятына бириктирилип, бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, машқалаларды өз ўақтында сапластырыў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында да бир қатар жумыслар исленбекте.

Қанлыкөл районында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен республикамыздағы тийисли тараўлар ҳәм район ҳәкимлиги менен биргеликте гезектеги “Сайҳун ҳәм Жайҳун” жаслар форумы шөлкемлестирилди. Форум шеңберинде еки күн даўамында бир қатар мәдений, руўхый-ағартыўшылық, спорт илажлары өткерилди.
Онда Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Форум шеңбериндеги илажлар таң азаннан “Саламатлық ушын – 5000 қәдем!” илажы менен басланды.

«Күнделикли турмыс тәризиңизди саламатлыққа бағдарлаўды қәлейсиз бе? Онда күн даўамында кеминде 5000 адым жүриўди әдет етиң! Бул әпиўайы, бирақ жүдә нәтийжели ҳәрекет арқалы жүрек-қан тамыр системасы беккемленеди, қан басымы нормаға түседи, салмақ қадағалаўға алынады, руўхый жағдай жақсыланады, өзиңизге ҳәм денсаўлығыңызға жумсалған ҳәр бир қәдем – ертеңги күниңиз ушын қойылған беккем тырнақ! Жүриўди бүгин баслаң – саламат турмысқа қәдем таслаң!» сыяқлы шақырықлар менен басланған бул илаж күн даўамында өткерилетуғын илажларға қатнасыўшылар ушын жақсы кейпият бағышлады.

Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәмлекетимизде ҳәм дүньяда жүз берип атырған соңғы сиясий жаңалықлар менен таныстырыў мақсетинде өткерилген гезектеги “Сиясий ағартыўшылық сааты”нда қатнасыўшылар бүгинги күнниң ең әҳмийетли темалары, соның менен бирге, ҳәпте даўамында Өзбекстан ҳәм сырт мәмлекетлерде жүз берген әҳмийетли ўақыялар “Газета шолыўы” рубрикасында “Жадид” газетасының гезектеги жәрияланған мақалалары менен танысты. Илажға райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем хызметкерлери, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Сырдәрья ўәлаяты бөлиминиң баслығы М.Ҳайтов қатнасты.

Усындай саўаплы ислер қатарында Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Қанлыкөл районы ҳәкимлиги биргеликте райондағы пайызлы орынлардың биринде ҳәр бир аймақтан жәрдемге мүтәж 30 шаңарақтағы жәми 30 баланың сүннет тойларын да өткерди.

Илажда район ҳәкими Б.Султанов, Сырдәрья ўәлаты ҳәкиминиң орынбасары Ш.Исакулов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Сырдәрья ўәлаяты бөлиминиң баслығы М.Ҳайтов ҳәм басқалар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Усы жерде бирге ислесиў нәтийжесинде районда бир қатар жумыслар исленип, Сырдәрья ҳәм Қарақалпақстан дослық қатнасықларының беккемленип атырғанын атап өтиў керек. Сүннет тойы мәресиминде усы унамлы жумыслардан кеўиллери толған район халқы Президентимизден миннетдар екенлигин билдирди. Той ийелерине саўғалар тапсырылды.

Соң Қанлыкөл районындағы Сырдәрья ҳәкимлиги тәрепинен қурылған «Сайхун-Жайхун» руўхыйлық орайында “Дөретиўшилик Мушайра” кешеси шөлкемлестирилди.
Онда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Сырдәрья ўәлаяты бөлиминиң баслығы М.Ҳайитов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Н.Даўлетбаев, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қанлыкөл районлық бөлими ҳәм районлық мәлимлеме китапхана орайы хызметкерлери, бир қатар дөретиўши жаслар қатнасты. Илажда сырдәрьялы мийманлар ҳәм дөретиўши жаслар тәрепинен қосықлар оқылып, дослық қатнасықларды беккемлеў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Жаслар форумы шеңберинде спорт жарыслары да өткерилип, дәслеп «Жаслар орайы» имаратында спорттың шахмат, шашка түри бойынша жарыс өткерилди. Онда район ҳәкиминиң орынбасары Р.Қәлимбетов, Сырдәрья ўәлаяты Жаслар ислери басқармасы баслығының орынбасары О.Эгамов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың билим алыўы, мийнет етиўи, өз қәбилети менен талантын жүзеге шығарыўы ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, елимиз жасларына жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланып, жаслар ҳәр қыйлы тараўларда үлкен табысларға ерисип атырғанлығы атап өтилди.
Бул спорт жарысларын өткериўден мақсет – оқыўшы-жаслардың жазғы дем алыс ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.
Форум шеңберинде жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды китап оқыўға кеңнен тартыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Зәкаўат» интелектуаллық ойынлары да болып өтип, оған райондағы барлық мәҳәллелерден командалар қатнасты.

Қанлыкөл транспорт ҳәм сервис техникумының спорт залында ер балалар арасында спорттың волейбол түри бойынша да жарыс өткерилди. Оған район аймағындағы мәҳәллелерден дүзилген командалар бириншилик ушын өз-ара беллести.
Форум шеңбериндеги илажлар «Жаслар сейили» орайында шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы менен даўам етип, онда өткерилген жарыс жеңимпазлары, белсенди жаслар сыйлықланып, естелик саўғалар тапсырылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.