Салыға суўды үнемлеў сынап көрилмекте

172

 Қарақалпақстанда салыны тамшылатып суўғарыў тәжирийбеси иске түсирилди.

Атап айтқанда, Россия Федерациясының ири нефть-химия компанияларының бири “SIBUR”дың грант қаржылары есабынан Нөкис районындағы Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспесиниң атызларында инновациялық жойбарды әмелге асырыў ушын 5 гектар жерге салыны тамшылатып суўғарыў технологиясы тәжирийбе түринде сынақтан өткерилмекте.

Ҳәзирги ўақытта жойбардың ҳәм жер майданының сызылмалары ислеп шығылып, суўғарыў үскенелери орнатылды ҳәм салы егилип тәжирийбе тәризинде сынақтан өткерилмекте.

 

Мағлыўмат ушын, Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспеси тәрепинен усы жойбар арқалы 5 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологиясы тийкарында салы жетистириў тәжирийбеси өткериледи. Жойбар нәтийжесинде суўды үнемлейтуғын технологиялар тийкарында салы жетистириў бойынша қолланбалар ислеп шығылады ҳәм сол арқалы келешекте тәжирийбе майданларын кеңейтиў режелестирилген.

Бул жойбар Қарақалпақстанда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўға, салы жетистириўде жаңа технологияларды енгизиўге ҳәм аграр тараўды раўажландырыўға хызмет етеди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.