Жасларымыз Өзбекстан кубогин жеңип алды

131

Нөкис қаласында  20 жастағы жигит ҳәм қызлар арасында спорттың  гандбол түринен Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан күшли командалар қатнасып, кубок жеңимпазлығы ушын өз-ара беллести.

Қызғын өткен беллесиўлер соңында, қызлар арасында биринши орынды республикамыз командасы ийелеўге миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Наманган ҳәм Сырдәрья ўәлаяты командалары жеңип алыўға еристи.

Жигитлер арасында да республикамыз командасы финалға шекем жетип келип  Сурхандәрья ўәлаяты жаслары менен бас сыйлық ушын кескин түрде беллести.

Қызықлы өткен ойын соңында әўмет сурхандәрьялы гандболшыларға күлип бақты ҳәм олар республикамыз командасын 41:39 есабында жеңип,  Өзбекстан кубогиниң ийесине айланды.

Жарыстың қола медалы болса, Әндижан ўәлаяты командасына несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.