Халықтың турмысын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар үйренилди

169

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Шоманай районында болып, пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў, қосымша дәрамат алыўына жәрдем бериў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты. 

Дәслеп, Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйынында жаслар менен ушырасыў өткерилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына жәрдемлесиў бағдарында ажыратылған жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги, буның ушын барлық жәрдемлер берилетуғынлығы атап өтилди.

Буннан соң, Бирлешик АПЖ аймағында балықшылық пенен шуғылланатуғын А.Жумабаеваның жойбары, Мамый АПЖдағы Абаданластырыў басқармасының питомниги, Моншақлы МПЖдағы С.Салиеваның қыйтақ жери көзден өткерилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Ақжап АПЖдағы көше бийлери менен де ушырасты. Олардың пикир-усынысларын тыңлады. Алдынғы ушырасыўларда билдирилген машқалалардың көпшилиги өз шешимин таўып атырғанлығы ҳәм ҳеш бир мәселе итибардан шетте қалмайтуғынлығы атап өтилди. Өз гезегинде, көше бийлери халықтың машқалаларын шешиўде басшылық етип атырған Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.

Моншақлы МПЖ аймағындағы «LIANTAI KC LICORICE» ЖШЖның инвестициялық жойбары, «Нәўбетова Алтынай» жеке кәрханасының жумыслары барып көрилди. Ҳәр қандай исбилерменлик басламасы қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Буннан соң аралықтан хызмет көрсетиўши  BPO орайы ҳәм районлық медицина бирлеспесиндеги санластырыў жумыслары көзден өткерилди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы республикалық мәкеме-шөлкемлер, район белсендилериниң қатнасыўында Шоманай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша илажлар бағдарламасының орынланыўы мәселелери қөрип шығылды.

Усы жерде районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген болып, машқалаларды шешиў мақсетинде Президентимиз тәрепинен барлық мүмкиншиликлер жаратылып, қаржы дереклери де шешип берилгенин атап өтиў орынлы.

Өткерилген мәжилис даўамында тез пурсатта ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди ҳәм өз ўазыйпасын орынлаўға немқурайдылық пенен қарап атырған басшылар қатаң ескертилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.