Римде күшли жарылыў

Италия пайтахтының Пренестино районында жүз берген күшли жарылыў ақыбетинде 40 адам, соның ишинде, полиция хызметкерлери ҳәм әпиўайы халық ўәкиллери жарақатланды. Бул ҳаққында “Ansa” агентлиги хабар берди.
Виа деи Гордиани көшесиндеги жанылғы қуйыў шақапшасында бақланған бахытсыз ҳәдийсе себеби еле анықланбаған.
Дәслепки мағлыўматқа бола, екинши күшли жарылыў даўысы қала шетинде де еситилген.

Гүўалардың айтыўынша, алдынырақ, яғный ўақыя жүз бергеннен дәрҳал аймаққа тез жәрдем машинасы шақырылған. Соның арасынша жүк машинасы трубаға келип урылған. Демек, бул еки қубылыс арасында байланыс бар ямаса жоқлығы белгисиз. Ҳәзирги ўақытта айырым пуқаралар күшли газ ийиси тарқалғанынан шағым еткен.
Рим полициясы комиссары Роберто Массуччи қайғылы ўақыяны төмендегише түсиндирди:
– Тилекке қарсы, бул аўыр өрт суйылтырылған газди түсириў ўақтында жүз берген авария себепли жүз берди.
Рәсмий мағлыўматта операцияны әмелге асырған полиция хызметкерлери, сондай-ақ, басқа қутқарыўшылар күшли жарылыў ўақтында жарақатланған ҳәм түрли емлеўханаларға жайластырылған. Он алты пуқара, соның ишинде, станция басшысы да жарақатланғаны мәлим.
Палаццо Чиги дерегине бола, мәмлекет бас министри Жоржа Мелони ўақыяның ақыбетин бақламақта. Ол Рим мэри Роберто Гуальтьери менен сөйлести, министр орынбасары Альфредо Мантовано менен де жақын байланысты услап турыпты. Ўәкилликли уйымлар тәрепинен жәбирленгенлер айрықша итибарға алынған.
Рим папасы да ўақыяға байланыслы қәўетерин билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги