«Алтын қәлем» жаңа дөретиўшиликке руўхландырмақта

308

Елимизде байрамлар көп. Лекин олар арасында биз журналистлер ушын сағынып күтетуғын кәсиплик байрамның орны айрықша. Ҳәр жылы усы байрам қарсаңында ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң мийнетлери  баҳаланып, таңлаўларда болса жеңимпазлар анықланып,  хош хабар елимиз бойлап таралып кетеди. Быйылғы байрам алдынан «Алтын қәлем» XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жуўмағы бойынша Қарақалпақстан  Республикасы телерадиокомпаниясы «Қарақалпақстан» телеканалы «Жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық көрсетиўлер» бас редакциясының  бас редакторы З.Жаббарбергенованың жеңимпаз болғанлығы, республикамызда узақ жыллардан берли пидайы мийнет етип атырған және бир журналисттиң мийнетлериниң жемиси жүзеге шыққанлығын дәлилледи. Өзбекстан көлеминде қаншадан-қанша журналистлердиң дөретиўшилик мийнетлери усынылатуғын бул таңлаўда жүзден жүйрик, мыңнан тулпар болып шығыў журналисттиң-журналистине ғана несип етеди. Бул дегени, дөретиўшилик  мийнетлериң -журналистлик шеберликтиң қаймағы болыўы шәрт.

Зульфия Жаббарбергенова өзиниң журналистлик қәдемин 1996-жылда Қарақалпақстан телевидениесинде эфирге берилетуғын «Дослық» атлы көрсетиўден  баслады. Еле студент болыўына қарамастан Наўайы ўәлаятының Кенимех ҳәм Нурата районларында дөретиўшилик сапарда болып халықтың социаллық-экономикалық турмысы мысалынан видеорепортажлар таярлады. 1999-жылдан Қарақалпақстан телевидениесиниң «Саз- сәўбетли дем алыс ҳәм кино  бағдарламалары» бас редакциясының редакторы сыпатында «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўин таярлады ҳәм телебаслаўшылық етти. Сондай-ақ, жаслар турмысына байланыслы «Дәўир ҳәм жаслар», «Бәркамал әўлад – елге саўлат» және «Уқсас атлар – ысық дийдарлар», «Егизеклер»,  «Хобби» сыяқлы бир қанша авторлық көрсетиўлерди сапалы етип таярлайды

«Жас келсе иске» дегениндей талапшаң журналист ўақыт пенен санаспай, ҳәр тәреплеме изленип, республикамыздың барлық тараўларындағы жетискенликлерди оператив түрде таярлап және журналистлик пикир менен анализ жасап ислеген көрсетиўлери ең жақсы көрсетиўлер қатарынан орын алды.

Ол  телекөрсетиўлердиң ҳәр бир санын таярлаў барысында дәўирге сай жаңа идея, қызықлы, мазмунлы ҳәм рәң-бәрең болып шығыўына ҳәрекет етеди. Оның тәжирийбесин, билимин ҳәм әсиресе дүнья қарасы кең журналист екенин есапқа алып, 2014-жылдан баслап «Жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық көрсетиўлер» бас редакциясының комментаторы етип үлкен сиясий әҳмийетке ийе «Инсан мәпи», «Әҳмийетли сәўбет», «Күнниң темасы», «Президент қарарлары турмыста ҳәм қадағалаўда» сыяқлы көрсетиўлерди таярлаў тапсырылады. Соңғы жети жылда «Ашық микрофон» атлы жанлы эфир таярлап онда пуқаралардың мүрәжатларына журналистлик үйрениўлер бойынша тийисли тараўлардың жуўапкер басшылары менен тиккелей көрсетиўде машқалаға дурыс шешим табыў сырларын өзлестирип келмекте. Оның қәбилетиниң жоқары екенлиги әсиресе, «Өзбекстан 24» телеканалы хызметкерлери менен биргеликте таярланатуғын «Мүнәсибет» көрсетиўинде телемост ҳәм теледебатларда айқын көзге тасланып, компания жәмәәтине миннетдаршылық хаты менен сыйлықлаўына себепши болды.

Сондай-ақ,  Президентимиз тәрепинен алға қойылған   «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды арнаўлы көрсетиўлерде кеңнен жарытып келмекте. Әсиресе, Президентимиз Ш. Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының сессияларында, сондай-ақ, бир қатар әҳмийетли қарар ҳәм пәрманлары менен қабыл етилген Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде келип шыққан машқалаларды сапластырыў, Аралбойы әтирапындағы халықтың турмыс шараятын жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў, қайта тиклениўши энергия дереклеринен кеңнен пайдаланыў сыяқлы бир қатар басламалар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында халқымызды кеңнен таныстырып киятырған тәжирийбели журналист ретинде де халқымызға таныс.

З.Жаббарбергенова «Қарақалпақстан» телеканалы  «Жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық көрсетиўлер» бас редакциясының  бас редакторы болыўына қарамастан республиканың ең шетки аймақларында дөретиўшилик сапарда болып, үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўлар туўралы репортажлар, журналистлик сораўлар, интервьюлер, сәўбетлер таярлап, көрсетиўдиң сапасын ҳәм дәрежесин жақсылаўда тынбай мийнет етип келмекте. Усы жылдың 30-апрель күни Өзбекстан Республикасы Референдумы ҳәм 9-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша Төрткүл районындағы «Кукча» ҳәм «Мискин» мәҳәллелеринен халықтың кеўилли кейпиятын сәўлелендирген тәризде мобиль репортажлар таярлап, белсендилик көрсетеди.

Ол жәмийетлик жумысларға актив қатнасады ҳәм кәсиплеслери арасында  өз ҳүрметине ийе инсан. Ол устазларынан тәжирийбе сабағын алған ҳәм өзи де топлаған тәжирийбе ҳәм билимлерин жасларға үйретиўден жалықпайтуғын журналист.

-Биринши устазым анам, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген  журналист Уғылжан Жуманиязова. Ол кишкенелигимнен телевидениеге деген қызығыўшылығымды арттырып, журналистикаға кирип келиўиме себепши болды.  Кәсип сырларын үйретип, машақатлы кәсиптиң сырларын үйретиўде жалықпаған устазларымның барлығына миннетдаршылығым шексиз,-дейди ол.

Сондай-ақ, ол  Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлери бойынша философия докторы Қумар Бегниязова, Өзбекстан көлеминдеги бир қатар таңлаўлардың жеңимпазлары болған Қарақалпақстан телеканалының аға редакторы Ҳәмийда Султамуратова, Қарақалпақстан радиоканалының аға редакторы Гөззал Якудаева сыяқлы көплеген шәкиртлердиң қәдирли устазы. Және де көп шәкиртлериниң илимий жумысларында мәсләҳәт берип, дурыс жол-жоба көрсетиўден жалықпайды.

Жақсы сөз, хошаметке жаны қумар кәсип ийелериниң мийнетиниң баҳаланыўы оларды және де  алдыға талпындырып,  жаңа дөретиўшилик жумысларға тийкар болады.  Ол 2023-жылы Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң естелик нышаны менен сыйлықланды.

Усы жылы 27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы А. Орынбаев тәрепинен баҳалы саўғаға ийе болды.

2021-жылы Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен 5-декабрь – Пүткил жер жүзилик  бәсекилесиў күни мүнәсибети менен ҒХҚ, журналист, блогерлер ҳәм тараў ўәкиллери ушын шөлкемлестирилген «Рақобат билан ривожланиш сари» таңлаўында сертификат пенен сыйлықланды.

Ҳаял бахтының 99 проценти оның шаңарағы менен толы болады дегениндей, Зульфия шаңарақта өмирлик жолдасы Мәмбетияр Шыразов пенен төрт перзентти камалға келтирип, ақлықлар сүйген үлгили шаңарақ ийелери.

-«Алтын қәлем» халықаралық таңлаўына сын көз қарастағы дөретиўшилик мийнетлеримди усынған едим.  Елбасышымыз тәрепинен барлық тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар биз журналистлерди де жигерленип жумыс ислеўге тийкар болмақта. Лекин, орынларда машқалалар да жоқ емес. «Сын дүзелмей, мин дүзелмейди» дегениндей, ушырасып атырған машқалаларды көрсетиўлерде сынға алыў ҳәм сапластырыў ўазыйпасы бәрқулла мойнымызда  жуўапкершилик болып турады. Усы бағдардағы көрсетиўлерим таңлаўда үшинши орынды алғанлығы ушын қуўанышлыман. Бул тек мениң емес, ал бирнши гезекте устазларымның, жәмәәтимниң, пүткил қарақалпақстанлы журналистлердиң мийнетлериниң жемиси деп билемен,-дейди ол.

Журналист бир жерде тоқтап қалатуғын кәсип ийеси емес. Оның ракурсында ҳәр күни жаңа қаҳарманлар, оператив таярлап «ыссылай» халыққа усынатуғын жаңалықлар, мың ойланып, жүз толғатып, түни бойы кирпик қақтырмай туўылатуғын мақалалары өмир мазмунына айланып кеткен. Усы машақатлы кәсип  арқалы халықтың алғысын алып, ел ардағына бөленип киятырған журналистлер қатарында Зульфия да жаңа басламалар, жаңа көрсетиўлер таярлаў менен ҳәр күни телевидениениң «қазанында қайнап писип» киятырған тәжирийбели журналист қыз. Кеше ғана қолына алған «Алтын қәлем» и оны және де дөретиўшилик мийнетлерге руўхландырып, келешекке қарай талпындырмақта…

Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги