Шымбай шар базары-заманагөй көриниске ийе болмақта

262

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерисемен дегенше, аты-шуўлы Шымбайдың шар базары тор сымлар менен қоршалған бес-алты қатар төбеси бастырылған жазғы шәртекке ийе орын еди. Балалығымда тийеберсин апамның изине ерип, жаўын-шашынлы күнлери дизеге шекем батпаққа  батып, базар аралағаным еле есимде. Базардағылардың көпшилиги ашық майданда отырып саўда-сатық  иследи. Ол жыллары қала ҳәм аўыл арасында жәмийетлик транспорт ҳәм гөш сатып алыў мәселелери оғада қыйын еди.

Апам маған 10 данасы 1 манат болған, пирожки яки мантыны алып берип, өзи саатлап, гөш шеңгектиң «очерединде» турғанлары еле көз алдымда елеслейди.

Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң республикамыз ҳәм район басшылары тәрепинен Шымбайда саўда-сатық мәдениятын жоқарылатыў ҳәм адамларға сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде, бурынғы шар базар орнында заманагөй жабық базар ҳәм оның айналасына ҳәр қыйлы саўда дүкәнлары қурылды. Ишки жоллары оңланып, қатар аралары асфальтланды.

Әсиресе, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлерге өзлериниң жумысларын және де кеңейтиўине кең имканиятлар жаратып бериў бойынша шығарған пәрман ҳәм қарарлары тийкарында, Шымбай районында да санаат ҳәм исбилерменлик тараўы раўажланды.

-Ҳүрметли Президентимиздиң 2025-жыл 1-апрелдеги «Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район(қала)ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, районымыз бойынша 25 жойбар ислеп шығылып, ҳәзирги ўақытлары усы жойбарлар шеңберинде сырт елли инвесторлар, исбилерменлер ҳәм министрликлер тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди Шымбай районы ҳәкимлигиниң экономика ҳәм финанс бөлиминиң бас қәнигеси Ҳамид Қыдырниязов.

-Шымбай Дийқан базары аймағынан 0,26 гектар жер ажыратылып, ҳәзирги күнлери 5 қабатлы заманагөй саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплексиниң 3 қабатын өриў ҳәм монтажлаў, екинши қабатын сыбаў ислери алып барылмақта,-дейди «Альянс Арал строй S» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң прорабы Айтбай Сейитырзаев.-Қурылыс жумысларын жедел алып барыў ушын «Микрокредитбанк»тен арнаўлы қаржылар ажыратылып, қурылыс материалларын иркинишсиз алып келип турмыз. Ҳәзирги күнлери қурылыста 30 дан аслам жумысшы усталар ҳәм арнаўлы транспортлар ўақыт пенен санаспастан жумыс жүргизбекте. Олардың өнимли мийнет етиўи ушын, жумыс басында ыссы аўқатлар таярланып, дем алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген. Сонлықтан жәмийетимиз ағзалары бул қурылыс жумысларын өз ўақтында жуўмақлап, халқымыз ийгилиги ушын тапсырыў жолында аянбастан мийнет етпекте.

Ҳақыйқатында, соңғы жыллары Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында, Шымбай районын жедел комплексли раўажландырыў бағдарында көплеген ислер әмелге асырылмақта. Шымбай Дийқан базары аймағында бой тиклеп атырған 5 қабатлы саўда комплекси болса, инсан қәдири принципи тийкарында исленип атырған ийгиликли ислердиң айқын көриниси болып табылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.