Медалың қутлы болсын Надира

Ана ушын перзентиниң қуўанышлы күнлерин көриў қандай бахыт. Ал, кемпир апа ушын ше? Оны тил менен айтып жеткериў қыйын. Тахтакөпирдиң Қаратерең елатында туўылып өскен Надира Абдиғаниева жақында 30-июнь Жаслар күни мүнәсибети менен Ташкент қаласында болып өткен байрамда Президентимиз тәрепинен «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықланды. Өткен жылы ол усы сәнеде «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланған еди. Президентимиз тәрепинен тапсырылған медаль ҳәм оның қарақалпақстанлы жаслар атынан шығып сөйлеўи сол күни 80 жасты қарсылап атырған кемпир апасы ушын үлкен саўға болды.
Мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим алып, өнер үйренип, жәмийетте өз орынларын табыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Жаслар сиясаты кең көлемде алып барылып атырған елимизде оларды қоллап-қуўатлаў, белсендилигин арттырып, жәмийеттиң жетекши ўәкиллерине айландырыўда алып барылып атырған кең көлемли жумыслар бүгин олардың жетискенликлери менен жүзеге шықпақта.
Надираның кишкенелигинен билим алыўға, келешекке қарай талпыныўға деген қуштарлығы күшли болды. Лекин, тәғдир екен, әкесиниң биймезгил дүньядан көз жумыўы (Надира сол гезде он еки жаста болған) оны және де сергек, шаққан болып тапланып, анасының жанында турып сиңлиси менен бирге еле де күшли, билимли болып жетисип шығыўға умтылдырады. Кемпир апасы да оны бәрқулла қоллап-қуўатлап, бир жағы кемтик екенлигин дурыс тәрбия ҳәм ҳақ пәтиялары менен толтырып отырды.
Ол Бердақ атындағы ҚМУ дың шет тиллер факултетинде мәмлекетлик грант тийкарында билим алады. Сабақларынан жақсы оқыйтуғын қыз тез арада қатарлары арасында билими, шаққанлығы менен ажыралып турды. Сонлықтан да ол Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси болыўға миясар болды. Оның шет тиллерин үйрениўге деген қызығыўшылығы университеттиң бакалавр басқышында оқып жүрип, халықаралық грант тийкарында жеңимпаз болып, Европаның абырайлы жоқары оқыў орынларының биринде бир жыл даўамында билим алыўына тийкар болады. Европада бир неше еллердиң билимлендириў системасы ҳәм мәденияты менен танысып, тәжирийбеси артқан қыз келешекте еле де көп оқып, изленип, илим менен шуғылланыўды алдына мақсет етип қояды. Надира ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы ҚМУ диң магистратура басқышының шет тиллер факультетинде инглис тили- лингвистика бағдарында билим алмақта.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң елимиз жаслары менен сәўбетлесиўинде қатнасқан Надира Абдиғаниеваның да барлық жаслар қатарында өзине үлкен мотивация алып, айдын келешекке деген исеними және де артты.

– Ушырасыў даўамында мени қатты руўхландырған нәрсе ҳүрметли Президентимиздиң «Надира сен бахытлы қарақалпақ қызысаң. Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси болып, Европада оқып келгенлигиң , қуўаныш көз жасларың бизиң жолымыздың дурыслығынан дерек береди ҳәм сендей қызды тәрбиялаған ата-анаңа рахмет»- деген сөзлери мен ушын бир өмирге мотивация болды,-деген еди ол әўелги сәўбетимизде қуўанышлы түрде. Президентимиз сәўбетлесиў пайытында жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим алыўы, қәнигелик ийелеўи, олар ушын исбилерменлик субъектлерин ҳәм бос жумыс орынларын жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы жасларға салық жеңилликлери жаратылатуғынлығы ҳаққында сөз етер екен, мени усындай инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын мәмлекетте жасап атырғанлығым ушын мақтаныш сезимлери бийледи. Әсиресе, Президентимиздиң «Мен бир турмыслық пикирди тәкирарлаўдан шаршамайман: бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз. Шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, пүткил жәмийет билимли, ағартыўшы болады. Бул бағдардағы жумысларды және де жедел даўам еттиремиз»,-дегени елимиздеги ҳәр бир қызға деген аталарша ғамхорлығы менен ҳәр бир қызға үлкен күш-жигер бағышлайды деп ойлайман.
Кеше жақында ғана гөззал Ташкент қаласында болып өткен Жаслар күнинде Президентимиздиң «Сизлердиң жетискенлигиңиз-көп миллетли халқымыздың жетискенлиги. Биз пүткил халқымыз бенен, сиз, әзиз перзентлерим менен уллы мақсетлеримизге әлбетте жететуғынымызға исенемен!»,-деген сөзлери мениңше ҳәр бир жасты толқынландырып, келешеккке деген исенимин арттырады.

Надира бүгин көксине тағылған «Келешек бунёдкори» медалы менен елимиздиң айдын келешегин қуратуғын белсенди жасларымыздың бири. Әпиўайы ғана аўыл қызының усындай табыслары барлық жасларға үлги болса арзыйды. Ол кеўлине түйген мақсетлери қарай алға қарай қәдем атар екен, ел-халқына мүнәсип перзент болып, елимиздиң раўажланыўына үлес қосыўға бел байлаған. Бул жолда оған тек әўмет тилеймиз.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги