Әзербайжан делегациясы мәмлекетимизге келди

Әзербайжан Санлы раўажланыў ҳәм транспорт министрлиги делегациясы мәмлекетимизге келди.
Сапар даўамында мийманлар дәслеп мәмлекетимиз Транспорт министрлиги жанындағы «Санлы транспорт орайы» Мәмлекетлик мәкемесиниң жумысы менен жақыннан танысты. Тәреплер қалалық жәмийетлик транспорт системасын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, әмелиятқа енгизилип атырған санлы шешимлер бойынша билим ҳәм тәжирийбе алмасты.

Сапар бағдарламасына муўапық халықаралық автомобиль тасыўы бойынша шерикликти беккемлеў, бул бағдарда миллий тасыўшылардың қатнасын кеңейтиў, бар байланысларды беккемлеў мәселелери де додаланды.
Туўысқан мәмлекет ўәкиллери тийисли қәнигелер менен ушырасыў өткерди, «Яллама» ҳәм «Даўыт ата» шегарадан өтиў мәнзиллериндеги заманагөй инфраструктураны көзден өткерди.
М.Пирматова, ӨзА