Тақыятаста ири саўда орайы қурылмақта

257

Тақыятас районында исбилерменликти раўажландырыў, жеке меншик сектордың жумысын және де жанландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде қурылыс тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процессте аймақтағы исбилерменлик субъектлери ушын заманагөй ҳәм турақлы инфраструктура жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Әсиресе, киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери ушын арнаўлы санаат зоналары шөлкемлестирилип, оларда жаңа өндирислик имаратлар, саўда комплекслери ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылмақта. Ҳәр бир имарат электр, суў, канализация, интернет ҳәм жол менен тәмийинленип, исбилерменлер ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Сондай-ақ, қурылыс процесслеринде заманагөй архитектура, энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм экологиялық стандартлар есапқа алынбақта. Бул болса тек ғана исбилерменлик жумысы ушын емес, ал қоршаған орталық ҳәм халық ушын да қолайлы шараятлар  жаратыўға хызмет етпекте.

Бүгинги күнде районындағы қурылыс жумыслары тек ғана экономикалық өсиўди тәмийинлеў емес, ал жеке меншик сектор арқалы халықтың дәрамат дәреклерин кеңейтиў ҳәм аймақты унамлы инвестициялық орталыққа айландырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Солардың бири «Тазабай Строй» ЖШЖ болып, исбилермен тәрепинен район орайынан ири саўда орайының қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

-Жаңа орай улыўма майданы 2433 квадрат метр аймақта жайласады. Онда жеке тәртиптеги саўда дүканлары, турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары, азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес бөлимлери, улыўма аўқатланыў орынлары (кафе ҳәм асханалар), сондай-ақ, балалар ҳәм шаңарақлар ушын дем алыў орынларының жумыс алып барыўы режелестирилген. Саўда орайын толық заманагөй архитектурада, қәўипсизлик ҳәм қолайлық талапларына жуўап беретуғын тәризде қурыўды режелестиргенбиз. Барлық павильонлар электр, суў, канализация ҳәм интернет тармақларына жалғанады,-дейди «Тазабай строй»ЖШЖ баслығы Тазабай Казаков.

Халыққа хызмет көрсетиў орайы режеге муўапық қурып питкерилип иске түссе әлбетте, қарыйдарлардың кеўлинен шығатуғын орайға айланыўы сөзсиз.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери