Қазақстандағы конференцияда Бизнес-омбудсман ўәкиллери қатнасты

244

Қазақстанның Алма-ата қаласында CABIN басламасы шеңберинде «Ҳадаллық – бизнестеги норма» атамасында конференция болып өтти.

Оған Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан мәмлекетлеринен ўәкиллер қатнасты.

Өзбекстан Бизнес-омбудсманы аппаратының жуўапкерлери де усы илажда қатнасып, БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасы (UNODC) ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен биргеликте регионда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешекте Орайлық Азияда әмелге асырылыўы керек болған илажларды белгилеў бойынша пикир алысты.

CABIN басламасы БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы тәрепинен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте жолға қойылған болып, басламаның тийкарғы мақсети БМШтың Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясын жедел әмелге асырыў болып есапланады.

Гулноза Бобоева, ӨзА