Жолларымыз тегис, мәнзиллеримиз абат болмақта

282

Елимизде халықтың абаданлығын арттырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы пуқаралардың басламаларын әмелге асырыў, олардың талап ҳәм мүтәжликлерин есапқа алған ҳалда орынларда әмелий жумыслардың орынланып атырғаны пуқаралардың мәмлекетке болған исенимин беккемлемекте.

Усындай нәтийжели басламалардың бири сыпатында Нөкис районы “Арбашы” аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары тәрепинен 2025-жылдың 1-мәўсими шеңберинде “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы усынылған жойбар жеңимпаз деп табылды.

Усы жойбарға муўапық, Саманбай аўылында жайласқан «Мақтаныш» көшесине улыўма узынлығы 1,7 километрди қурайтуғын ишки қара қапламалы (асфальт) жол төселиў жумыслары басланды. Алып барылып атырған бул жумыслар халқымыздың жақсы турмыста жасаўына ,машқалалардың сапластырылыўына тийкар болары анық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги