10-июльдан субсидияға арзалар қабыллаў басланады

259

Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып 2025-жыл ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлер шеңберинде ипотека кредитлери бойынша субсидияларды алыў ушын арзалар 10-июль күни саат 09:00 ден баслап қабыл етиледи.

Субсидия алыў Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей мүрәжат етиў арқалы яки электрон тәризде my.gov.uz  порталы арқалы әмелге асырылады.

– Арза бериўши ҳәм оның жақын туўысқанларының (бунда жақын туўысқанлар арзада көрсетилген жағдайларда) орташа дәрамат муғдары төмендеги шегараларда болыўы керек.

–  Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 3,12 миллион сумнан – 9,24 миллион сумға шекем;

–  Ташкент қаласында 3,12 миллион сумнан – 10,63 миллион сумға шекем.

Субсидия алыў ушын төмендегилер талап етиледи:

– 30 баллдан аз болмаған социаллық рейтинг (баллар ҳаққында my.gov.uz сайтында мағлыўмат бериледи),

– Дәрамат шегаралары – ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстанда 3,1 млн сумнан 9,2 млн сумға шекем.

– Ташкент қаласында: 3,1 млн сумнан 10,6 млн сумға шекем болыўы керек.

Сондай-ақ, арза бериўши ҳәм зайыбының атында турақ жай болмаўы шәрт. Социаллық қорғаўға мүтәжлер ушын өз алдына нормалар бар.

ӨзА