Парламентлераралық аўқам Өзбекстанның дүнья парламентаризминиң раўажланыўына қосқан үлесин және бир мәрте тән алды

252

Парламентлераралық аўқам дүзилгениниң 136 жыллығына бағышланған арнаўлы видеороликте 2025-жылы Ташкентте табыслы өткерилген 150-Ассамблеяның әҳмийети айрықша атап өтилген. Бул илаж халықаралық парламентаризмди раўажландырыў ҳәм демократиялық қәдириятларды беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болғаны атап өтиледи, деп жазбақта senat.uz. 

«Бундай абырайлы ҳәм кең көлемли илаж Орайлық Азияда биринши мәрте шөлкемлестирилгени тек ғана Парламентлераралық аўқам емес, ал пүткил халықаралық жәмийетшилик ушын тарийхый ўақыя болды. 130 дан аслам мәмлекетлерден парламент делегацияларын жыйнаған 150-Ассамблея Өзбекстанның халықаралық майдандағы исенимли ҳәм жуўапкершиликли шерик сыпатындағы әҳмийетиниң барған сайын артып баратырғанын және бир мәрте көрсетти.

Сондай-ақ, Парламентлераралық аўқам Ассамблеяның шөлкемлестириўшилик дәрежеси, сөйлесиўге ашықлығы, сондай-ақ, Өзбекстанның социаллық әдиллик, турақлы раўажланыў, климат өзгериўи ҳәм санлы теңлик сыяқлы глобал машқалаларды додалаўдағы жедел қатнасын жоқары баҳалады.

Ассамблеяның гендер теңлик мәселелерине бағышланған арнаўлы секциясында Өзбекстан парламенти “Гендер теңликке ерисемиз: ҳәрекетлер изинен ҳәрекетлер!” сүрени астындағы глобал кампанияны бириншилерден болып қоллап-қуўатлағаны айрықша атап өтилди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги