Россия дүньяда биринши болып Аўғанстанда Талибан ҳәкимиятын тән алды
224

Россия Аўғанстан Ислам Әмирлигин рәсмий түрде тән алды – бул 2021-жылы ҳәкимиятты қолға киргизгеннен соң «Талибан» ҳәрекети тәрепинен мәмлекетке берилген атама. Ҳәзирге шекем дүньяның басқа бирде-бир мәмлекети Аўғанстандағы талибанлар ҳәкимиятын рәсмий түрде тән алмаған.
Буннан соң Аўғанстанның Москвадағы елшиханасы хызметкерлери имараттың балконына шығып, Аўғанстан Ислам Әмирлигиниң байрағын орнатты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги