Меркель: Трамп басқалардың итибарын жақсы көреди

“Азатлық” атлы естелик китабының грек тилине аўдармасын үгит-нәсиятлаў илажында шығып сөйлеген Германияның бурынғы басшысы Ангела Меркель 2017-жылы март айында жалпақ кабинетте болып өткен ушырасыўда Дональд Трамп оның қолын қысыўдан бас тартқанын, бирақ камералар жоқ ўақтында қол берип көрискенин еследи.
– Мен Дональд пенен қол берип көрисиўим керек, деп ойлап, қәтеге жол қойдым, ол бундай етпеди, – деди Меркель. – Өзине ҳәммениң дыққатын аўдармақшы болды. Ол қызық қылықлар ислеп ҳәмме оған қарағанын қәлейди. Буның дәлилин Трамп тариф сиясаты бойынша шығарып атырған қарарларында да көриў мүмкин.
Меркельдиң қосымша етиўинше, европалылар бирлесиўи ҳәм Трамп блогқа қосымша тариф енгизсе, қорықпай, керисинше жуўап тарифин қолланыўы керек.
– Мен АҚШ пенен қатнасықты үзиў керек, деп атырғаным жоқ, – деди бурынғы канцлер. – Тек ғана сөйлесиў алып барыўымыз кереклигин ескертип атырман. Ҳәтте, АҚШ та жалғыз өзи аман қала алмайды.
Меркель еслеў китабында Трамп ҳаққында және былай жазған:
– Ол сиясатқа исбилермен көзқарасынан баҳа берди. Ҳәр қандай мүлкке тек бир мәрте ийелик етиў мүмкин. Егер ол алмаса, басқа биреў алады. Ол дүнья менен де солай есапласады. Трамп ушын барлық мәмлекетлер бир-бири менен бәрқулла бәсекиде. Бул процесте биреўиниң табысы екиншисиниң сәтсизлиги. Нәтийжеде, бирге ислесиў арқалы ҳәммениң абаданлығын арттырыў мүмкинлигине исенбейди.
Муслим Зиё, ӨзА