Адам саўдасы аймақ, шегара, мәкан таңламайтуғын жынаят

Бүгинги күни жер жүзиндеги әҳмийетли машқалалардан бири адам саўдасы болып есапланады. Бул иллеттиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарында елимизде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Адам саўдасы аймақ ҳәм шегара, мәкан таңламайтуғын жынаят есапланады.
2013-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен 30-июль – Пүткил жер жүзлик адам саўдасына қарсы гүресиў күни деп жәрияланған. Ҳәзирги ўақытта трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылықтың ажыралмас қурам бөлеги болған бул түрдеги жынаят планетамыдың барлық жерлеринде ушырасады. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Миграция бойынша халықаралық шөлкем қәнигелериниң аналитикалық жуўмақларына бола, оннан жәбирленгенлердиң саны бир неше миллион адамды қурап, адам саўдасы жынаятынан жәбирленгенлердиң тийкарғы бөлегин ҳаял-қызлар ҳәм балалар қурамақта.
Бул жағдайлардың алдын алыў, ўатанласларымыздың адам саўдасы қурбанына айланып қалыўына жол қоймаў мақсетинде, Өзбекстан Республикасының 2008-жыл 17-апрельдеги «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген. Нызамға муўапық, адам саўдасына қарсы гүресиў адам саўдасының алдын алыў, оны анықлаў, тоқтатыў, ақыбетлерин минималластырыў, адам саўдасынан жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў бойынша жумысты өз ишине алады.
Июль айы Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен адам саўдасына қарсы гүресиў айлығы деп белгиленген. Усы мүнәсибет пенен, партия ағзалары тәрепинен халық арасында адам саўдасының унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барыў режелестирилген.
Усындай әҳмийетли үгит-нәсият илажы партияның Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен өткерилди.

Илажда партия белсендиси Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты С.Бекимбетова қатнасып, аймақ турғынларына соңғы жыллары жәмийетимизде жүз берип атырған адам саўдасына байланыслы жынаятлар ҳәм оның аўыр ақыбетлери ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.
Ушырасыўда аймақ турғынлары тәрепинен баянатшыларға адам саўдасына қарсы қалайынша гүресиў кереклиги бойынша бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги