Амазон қоймаханаларында тез арада роботлар саны адамлар санынан артып кетиўи мүмкин (+видео)

Американың ири технологиялық компаниясы Амазон қоймаханаларында пайдаланылып атырған роботлар саны тез арада ол жерде ислеп атырған адамлар санынан артып кетиўи мүмкин.
Бул ҳаққында The Wall Street Journal (WSJ) хабар берди.
Басылымның мағлыўматларына бола, Амазон қоймаханаларында ҳәзирги ўақытта бир миллионнан аслам робот ислемекте. Бул компания ушын рекорд көрсеткиш болып, роботлар саны дерлик хызметкерлер санына теңлескен. Амазон арқалы жеткерип берилетуғын буйыртпалардың 75 процентинде роботлар тиккелей қатнасады. Бул болса компанияға жумыс өнимдарлығын арттырыў ҳәм жаңа хызметкерлерди жумысқа алыў пәтин азайтыў имканиятын берген.
WSJ еслетип өтиўинше, Амазон 2012-жылы роботлар ислеп шығарыўшы Kiva Systems (ҳәзирги Amozon Robotics) компаниясын 775 миллион долларға сатып алғанынан берли қоймахана процесслерин автоматластырыў үстинде жедел ислеп келмекте. Дәслеп роботлар тийкарынан аўыр жүклерди тасыў ушын пайдаланылған, бирақ ўақыттың өтиўи менен олар жүклерди көтериў, сортлаў ҳәм қадақлаў сыяқлы ўазыйпаларды да орынлай алатуғын дәрежеге жеткерилген.
Amozon Robotics техникалық директоры The Wall Street Journalға берген интервьюинде автоматластырыў процеси жумысшылардың ғалабалық жумыстан босатылыўына алып келмейтуғынын атап өтти. Оның айтыўынша, роботлар хызметкерлердиң орнын басыў ушын емес, ал олардың жумысын жеңиллетиў мақсетинде енгизилмекте.
Бирақ, WSJның айырым экспертлери Амазон келешекте ири қоймаханаларында жумысшылар санын сезилерли дәрежеде қысқартыўды қәлеўи мүмкин екенлигин болжамақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги