Өзбекстан Републикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола, мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болып турыпты.
Бул сапар етиў еки туўысқан халық арасындағы қатнасықлар тарийхында гезектеги әҳмийетли басқышқа айланады. Сапардың биринши күни Президент Илҳам Алиев пенен болып өткен сөйлесиўлер, Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси ҳәм қол қойылған келисимлер тек ғана еки тәреплеме байланысларды емес, ал региондағы сиясий, экономикалық ҳәм мәдений процесслердиң бағдарын белгилеўде де әҳмийетли болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы 3-июль күни Баку қаласында Әзербайжан халқының улыўма миллий жетекшиси Гейдар Алиев жерленген Фаҳр қыябанына барды.
Президентимиз Гейдар Алиев қәбирине гүл қойып, Әзербайжанның уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткери естелигине ҳүрмет көрсетти.
Гейдар Алиев ҳақылы түрде ғәрезсиз Әзербайжанның тийкарын салыўшысы есапланады. Оның басшылығында мәмлекеттиң жедел раўажланыўы ҳәм халықаралық майдандағы абырайының жоқарылаўы ушын беккем тийкар жаратылды.
Оның мәмлекетлик қурылыс ҳәм миллий суверенитетти беккемлеўге қосқан үлеси Әзербайжан тарийхында айрықша орын иелейди.
Өзбекстанда Гейдар Алиевти туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланысларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге үлкен әҳмийет берген мәмлекетлик ғайраткер сыпатында терең ҳүрмет етеди.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Баку қаласындағы Жеңис паркине барды.
Өзбекстан жетекшиси Жеңис күнине бағышланған естеликке гүл қойып, Әзербайжан ўатансүйгишлериниң естелигине ҳүрмет көрсетти.
Әзербайжан пайтахтының орайында жайласқан бул заманагөй естелик комплекси мәмлекеттиң азатлығы ҳәм аймақлық пүтинлиги жолында қурбан болған миллий қаҳарманлардың естелигин мәңгилестириў мақсетинде қурылған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Физулий қаласына келди.
Аэропортта жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан мәденият министри Одил Керимли ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Қала уллы әзербайжан шайыры ҳәм ойшылы Муҳаммад Физулий аты менен аталған. Мәмлекеттиң қубла-батыс бөлегинде жайласқан бул қала әзелден Қарабағтың “қубла дәрўазасы” есапланады.
2020-жылдан баслап Физулий районы ҳәм қаласында кең көлемли қайта тиклеў бағдарламасы әмелге асырылмақта. 2021-жылы пайдаланыўға тапсырылған Физулий аэропорты қурылған әҳмийетли объектлерден бири болды. Қалада, сондай-ақ, заманагөй турақ жай комплекслери, медицина ҳәм билимлендириў мәкемелери, инфраструктура объектлери бой тикледи, жаңалары қурылмақта.
2023-жылдың август айында еки мәмлекет жетекшилери қалада Өзбекстан Президентиниң басламасы менен дос халықларымыз арасындағы беккем дослықтың белгиси сыпатында қурылған Мырза Улығбек атындағы заманагөй мектепти ашқан еди.
Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ханкенди қаласына келди.
Мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев күтип алды.
Бул жерде жетекшилер биргеликтеги тигиўшилик фабрикасының жумысы менен танысты.
Кәрхана Президентлер тәрепинен 2024-жыл ноябрь айында Бакуде болып өткен БМШ Климат саммити шеңбериндеги ушырасыўда иске қосылған еди.
Тигиўшилик фабрикасының майданы 1,2 гектар. Жойбардың улыўма инвестициялық баҳасы 6,2 миллион долларды қурайды. Жәми 800 жумыс орны жаратылады.
Кәрханада жылына 3-5 миллион дана трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген. Таяр өнимлер ҳәм ишки базарға, ҳәм экспортқа жеткерип бериледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ханкенди қаласындағы Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң саммити шеңберинде Аўғанстан Бас министриниң экономикалық мәселелер бойынша орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Молла Абдул Ғани Бародарды қабыллады.
Саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетли тәреплери додаланды.
Товар алмасыў көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалар санының турақлы артып баратырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Әмелий байланыслар жеделлести. Усы жылдың май айында Қабул ҳәм Мозори Шариф қалаларында Өзбекстан саўда үйлери ашылды. Июнь айында Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Өзбекстан жетекшиси шегараалды саўда ҳәм тийисли инфраструктураны және де раўажландырыў, қазып шығарыў, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм қурылыс материаллары тармақларында, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Стратегиялық әҳмийетли регионаллық жойбар – Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 17-саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен биргеликте Ағдам қаласындағы “Имарат” тарийхый-архитектуралық комплексине барды.
Бул жерге Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер делегацияларының басшылары да келди.
Ағдам қаласы Әзербайжанның батысында, Қарабағ районында жайласқан. 2021-жылдан баслап қала инфраструктурасы жедел тикленбекте: жаңа мектеплер, балалар бақшасы, турақ жайлар, ҳәкимшилик имаратлар қурылмақта.
“Имарат” комплексинде Қарабағ ханлығы тийкарын салыўшысы Панаҳ Алиханның сарайы ҳәм мавзолейи жайласқан. 2024-жылы комплекс реставрация жумыслары ҳәм археологиялық изертлеўлерден соң қайта ашылды.
Бул жерде Қарабағ тулпарлары парки ҳәм интерактив музей ашылған.
Жетекшилер комплексте жаратылған шараятлар, қурылыс жумысары менен танысты. Мийманлардың итибарына Әзербайжан Қарабағының бай мәденияты ҳәм дәстүрлерин көрсетиўши Қарабағ тулпарлары қатнасыўындағы “Зафар” атлы мәдений бағдарлама усыныс етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеёвтиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.
ӨзА