Жас қәлемкешлер дөретиўшилиги-турақлы итибарда

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен елимиз жасларының қатнасыўында өткерилген ушырасыўда нәўқыран әўладтың тәлим-тәрбиясында китапқумарлық, көркем өнер ҳәм мәденияттың әҳмийети оғада үлкен екенине айрықша итибар қаратты.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысында жас талант ийелерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мәселеси тийкарғы орын ийелейди.

Аўқамда жаслардың қатнасыўында өткерилген “Көшпели кешелер” жойбары шеңбериндеги гезектеги “Дөретиўшилик беллесиў” илажында бул жақлары және бир рет өзиниң айқын көринисин тапты.
Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен жас дөретиўшилер ушын жаратылып атырған шараятлар, миллий әдебият, китапқумарлықты раўажландырыў бағдарындағы әмелий жумыслардың мазмуны ҳәм көлеми ҳаққында ҳәр тәреплеме айтып берди.

“Дөретиўшилик беллесиў” даўамында жас жазыўшылардың қосықларынан үлгилер оқылды. Устаз шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар жаслардың қосықларын ҳәр тәреплеме таллап, өз пикир-усынысларын билдирди.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, олардың дөретиўшилигин елге танытыў мақсетинде бир қатар жойбарларды табыслы әмелге асырып киятырғанын атап өтиў керек.
“Мениң биринши китабым”, “Қыябан ақшамлары”, Республикалық жас дөретиўшилердиң Замин семинары, жас аўдармашылардың республикалық форумы, түрли тиллерде дөретиўшилик етип атырған жаслардың қатнасыўындағы “Дүрмен бәҳәри” әдебий фестивалы, әдебият, поезия байрамлары, түрли дөретиўшилик таңлаўлар усылардың қатарына киреди.

Соның менен бирге, әдебиятқа өз сөзи менен исенимли кирип киятырған бир қатар жас жазыўшы ҳәм шайырлардың Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзалығына қабыл етилиўи қәлем ийелерин және де руўхландырмақта.
Аўқам қатарына бир топар жас жазыўшылардың қабыл етилгени олар ушын умытылмас байрамға айланды.
Илажда жасларға миллий әдебиятымыздың ең сайланды үлгилеринен ибарат китаплар топламы усынылды. Олардың келешектеги жумысына әўмет тилеп, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

ӨзА