Арал балалар нәзеринде

«Әҳмийетли 90 күн» шеңберинде
Мектепке шекемги ҳәм билимлендириўи министрлиги жанындағы Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектеби дөгерек ағзаларының потенциалын және де арттырыў, саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў және материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў мақсетинде Өзбекстанда Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Республикалық “Бәркамал әўлад” балалар мектеби ҳәм Қарақалпақстан Республикасы “Бәркамал әўлад” балалар мектеби тәрепинен «Арал балалар нәзеринде» таңлаўы шөлкемлестирилген еди
Таңлаў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы бойлап 400 ге шамалас оқыўшылардан 600 ге жақын дөретиўшилик жумыслар жыйналып, көргизбеге таңлап алынды.


Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, жас әўладтың Аралбойы аймағындағы экологиялық мәселелерге болған мүнәсибетин дөретиўшилик жумыслары арқалы көрсетип, оларда қоршаған орталыққа болған мәдениятты қәлиплестириў, пүткил дүнья жәмийетшилигиниң итибарын Арал машқалаларына қаратыў болып есапланады. Таңлаўға 7-16 жасқа шекемги район (қала) лық “Бәркамал әўлад” балалар мектеплеринен жәми 400 ге шамалас дөгерек ағзалары қатнасты.
Таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышында жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде болып өтти. Онда 7-10 жас, 11-13 жас, 14-16 жас аралығындағы 1,2,3-орын жеңимпазлары анықланды. Сондай-ақ, “Қәдириятлар ошағы Арал” номинациясы менен Мойнақ районы “Бәркамал әўлад” балалар мектеби дөгерек ағзасы Мунира Умирзакова, “Мениң әрманымдағы Арал” номинациясы менен Мойнақ районы “Бәркамал әўлад” балалар мектеби дөгерек ағзасы Баршынай Мнажатдинова, “Арал ертеги” номинациясы менен Республикалық “Бәркамал әўлад” балалар мектеби дөгерек ағзасы Сарбиназ Узақбаевалар жеңимпаз деп табылды. Таңлаў жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.




-Арал апатшылығы бойынша дөретиўшилик жумысым биринши орынға ылайық деп табылғаны ушын қуўанышлыман. Алдағы ўақытларда да ҳәр қыйлы темадағы сүўретлерди салып, дөретиўшилик мийнетимди байытып барыўға ҳәрекет етемен, -дейди 11-13 жас аралығында биринши орын жеңимпазы, Ж.Изентаев атындағы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты оқыўшысы Шарьяр Төрениязов.
Илаж елимизде алып барылып атырған «Әҳмийетли 90 күн» илажы шеңберинде балалардың дем алыс күнлерин кеўилли өткериў мақсетинде әмелге асырылды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги