«Назлымхан сулыў» балетиниң премьерасы болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Қ.Заретдиновтың “Назлымхан сулыў” балетиниң премьерасы болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, кең жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар ҳәм белсендилер қатнасты.
Дәслеп театр директоры П.Мамутов шығып сөйлеп балет ҳаққында мағлыўмат берди.

Балеттиң либретто авторы – Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен, Қарақалпақстан халық артисти З.Нурымбетов. Сахна безеўлерине өзине тән нәзиклик ҳәм бийтәкирарлық бағышлаған сахналастырыўшы художник – Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери З.Саипов, балет қаҳарманларының образларын және де жанлы ҳәм тартымлы еткен костюмлар бойынша художник – Б.Серекеев.
Көп әсирлик тарийхымыз – “Миздақхан” комплексиндеги ең әжайып бийбаҳа мийрасымыз, теңсиз гәўҳарымыз ҳәм минсиз мақтанышымыз болған “Назлымхан сулыў” тарийхый естелигине бағышланған бул балет театр артистлери тәрепинен оғада шеберлик пенен атқарылды.

Тамашагөйлер балетти жоқары баҳалап, балет ушын театр жәмәәтине өзлериниң миннетдаршылығын билдирип, бундай көркем шығармалар миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, туризм тараўын еле де раўажландырыў ҳәм жаслардың мәдениятқа деген сүйиспеншилигин оятыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Театрдағы бул жаңалық тек ғана усы театрдың турмысында емес, ал көркем өнер ықласбентлериниң кеўлинде де өшпес тәсир қалдыратуғыны сөзсиз. Ҳәр бир ҳәрекетте, ҳәр бир қәдемде нәзиклик ҳәм сезим жәмленген бул балет спектакли арқалы театр өз тамашагөйлерине және де рәңбәрең, және де жоқары заўық бағышлаўды мақсет еткен.


Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.