Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола 2-июль күни мәмлекетлик сапар менен Баку қаласына келди.

Пайтахттағы Гейдар Алиев атындағы аэропортта мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Яқуб Аюбов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

«Загульба» резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев салтанатлы күтип алды.

Мәмлекетлик гимнлер жаңлады. Әскерий оркестр сазлары астында ҳүрметли қараўыл мәмлекет басшыларының алдынан сап тартып өтти.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев тар шеңберде ушырасыў ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисин өткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында кооперация ҳәм алмасыўларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Президентимиз бул ретки мәмлекетлик сапары ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси еллеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленип атырған жылда өтип атырғанын айрықша атап өтти.

– Қатнасықларымыз тарийхта ҳеш қашан бүгингидей жоқары дәрежеде болмаған, – деди Өзбекстан жетекшиси.

Президентлер көп тәреплемели бирге ислесиў барлық дәрежелерде жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Күни кеше Хийўа қаласында биринши Парламентлераралық форум болып өтти. Бакуде Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Аймақлар форумы нәтийжели өтти. Жақында Әндижанда биринши мәрте ректорлар форумы шөлкемлестирилип, 60 тан аслам шәртнамаға қол қойылды. Әзербайжанның «Ширвон» ансамбли Хийўа бақсышылық фестивалының гран-прин қолға киргизди.

Экономикалық кооперация жылында товар алмасыўдың көлеми 25 процентке артты. Жойбарлар портфели 4 миллиард долларға жеткен. 300 ге шамалас биргеликтеги кәрхана жумыс алып бармақта.

Парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм аймақлар дәрежесиндеги әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды. Халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлемин жылына 1 миллиард долларға жеткериў имканиятлары ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Санаат, инфраструктура, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, туризм, банк ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған айрықша Кооперация бағдарламасы қабыл етилип атырғаны атап өтилди.

Биргеликтеги инвестициялық компанияның жумысын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Исбилерменлер кеңеси ҳәм Санаат ҳәм экономикалық зоналар форумы сыяқлы бирге ислесиўдиң жаңа форматлары қоллап-қуўатланды.

Транспорт-коммуникация тараўындағы шерикликке айрықша итибар қаратылды. Орта коридорды раўажландырыўда қатнасыў жойбарлары додаланды.

Бул коридор арқалы тасылып атырған Өзбекстан жүклериниң көлеми 25 процентке – 1 миллион тоннадан асламға артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Буннан тысқары, усы жылдың март айынан баслап жүк тасыўда электрон рухсатнамаларға өтиў тәмийинленди.

Сондай-ақ, Европаға электр энергиясын экспорт етиў бойынша биргеликтеги жойбарды таярлаўды жеделлестириўге келисип алынды.

Дипломатиялық қатнасықлар юбилейин мүнәсип белгилеў мақсетинде тәреплер усы жылдың гүзинде бир қатар биргеликтеги мәдений ҳәм жаслар илажларын өткериўге қарар етти.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

Мәжилисте Ҳүкиметлераралық комиссияның жәрдемши баслықлары, транспорт, энергетика ҳәм мәденият министрлериниң сөйлесиўлер күн тәртиби бойынша есабатлары тыңланды.

Мәжилис жуўмақлары бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

Баку қаласында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисиниң қарарын қабыллады.

 Мәмлекет басшыларының қатнасыўында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасылды. Соның ишинде:

– Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы 2025-2029-жылларда әмелге асырыў бойынша «жол картасы»;

– Қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Илим, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– 2025-2026-жылларға мөлшерленген санаат кооперациясы бағдарламасы;

– 2030-жылға шекем товар алмасыўды 1 миллиард долларға жеткериў бағдарламасы;

– 2025-2027-жылларда аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси;

– 2025-2027-жылларда социаллық қорғаў тараўында бирге ислесиў бойынша илажлар режеси;

– Кемешилик ҳәм кеме соғыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Ташкент ўәлаяты ҳәм Сумгаит қаласы, Наўайы ҳәм Габала қалалары арасында дослық қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисимлер.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша пикир билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Өзбекстан Президент Илҳам Алиевтиң басшылығында Әзербайжанда әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм мәмлекет ерисип атырған жоқары нәтийжелерден шын жүректен қуўанышлы екенин атап өтти.

– Сиз әкеңиз ҳәм ҳәр бир әзербайжанлықтың әзелий әрманын әмелге асырдыңыз – мәмлекеттиң аймақлық пүтинлигин тикледиңиз. Қайтарып алынған аймақлардың экономикасы ҳәм инфраструктурасын модернизациялаў бойынша жедел жумыс алып бармақтасыз, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Әзербайжан Өзбекстанның исенимли аўқамласы ҳәм стратегиялық шериги екени атап өтилди. Бизиң мақсетлеримиз, көзқарасларымыз ҳәм умтылысларымыз уқсас. Халықларымызды әзелден туўысқанлығымыз ҳәм өз-ара исенимимиз тийкарын қурайтуғын тарийх, қәдириятлар, тил ҳәм мәденият байланыстырып турады.

Мәмлекетимиз басшысы болып өткен Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисиниң пайдалы нәтийжелерин, оның жуўмағында әҳмийетли қарар ҳәм келисимлер қабыл етилгенин жоқары баҳалады.

Бул ретки саммитке күшли таярлық көрилгени атап өтилди. Биринши Парламентлераралық форум, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, аймақлар ҳәм ректорлар форумлары, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, бир қатар мәдений илажлар табыслы өткерилди.

Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы кең көлемде әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық майданда тығыз байланысларды беккемлеў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге исенимли умтылыс тастыйықланды. Көплеген әҳмийетли глобаллық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша позициялар сәйкес келетуғыны атап өтилди. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан барлық өткир машқалалар менен келиспеўшиликлерди тек ғана тыныш жол менен, дипломатиялық ҳәрекетлер арқалы шешиў тәрепдары екенин атап өтти.

Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме саўда ҳәм инвестициялар көлемин жақын жылларда 1 миллиард долларға жеткериў бойынша биргеликте әмелий илажлар көриўге келисип алынды. Саўда ҳәм кооперацияны хошаметлеў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етилди.

Президентимиздиң атап өткениндей, әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бирге ислесиўдиң әмелдеги форматлары кеңейтиледи ҳәм жаңа форматлары жолға қойылады. Гәп Исбилерменлер кеңесин дүзиў ҳәм Санаат ҳәм экономикалық зоналар форумын өткериў ҳаққында бармақта.

Жетекшилер транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиўге айрықша әҳмийет қаратты. Бүгинги күнде мәмлекетлеримизди байланыстыратуғын ҳәм басқа да стратегиялық бағдарларға шығыў имканиятын беретуғын Орта коридор жедел раўажланып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, бәҳәрден баслап бул коридорда электрон рухсатнамалар иске қосылды. Соның менен бирге, Өзбекстан жүклерин тасыў көлеми 25 процентке артты. Олардың жыллық көлеми бир миллион тоннадан артты.

Европаға «жасыл» энергия экспорты бойынша биргеликтеги жойбарды алға қойыўда ерисилген жетискенликлер атап өтилди.

Өзбекстанда болажақ «Әзербайжан» бағы ҳәм сийрек ушырасатуғын «Sea Breeze»  туристлик комплексиниң жойбарлары жедел таярланып атырғаны атап өтилди.

Усы жылы еки туўысқан мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгилениўи мүнәсибети менен усы әҳмийетли сәнеге бағышланған ири илажлар, концертлер ҳәм жаслар форумларын биргеликте өткериўге келисип алынды.

Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўге байланыслы биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды қоллап-қуўатлап атырғаны ушын әзербайжанлы кәсиплесине миннетдаршылық билдирди. Әзербайжанға бул ретки мәмлекетлик сапар етиў нәтийжелери аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге, туўысқан мәмлекетлер ҳәм халықлардың турақлы раўажланыўы ҳәм абаданлығына хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Баку қаласында «Өзбекстан» бағының тырнағын қалаўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Жаңа бағ пайтахттың абырайлы ҳәм жедел раўажланып атырған «Ақ қала» массивинен орын алды.

Жойбарға бола, 4,5 гектар майданда Өзбекстанның бай мәденияты ҳәм дәстүрлерин көрсететуғын үлкен комплекс қурылады.

Бағ аймағында елимиздиң архитектуралық естеликлериниң нусқалары, сейил етиў орынлары, жасыл аймақлар, мийманхана, ҳәр қыйлы саўда ҳәм кеўилашар орынлар шөлкемлестириледи. Имаратлардың қурылысы ҳәм безеўинде өзбек миллий архитектурасы дәстүрлери ҳәм нағысларынан пайдаланылады.

Мәресимде еки мәмлекет басшылары биргеликте бағ тырнағына символикалық капсула қойып, бул әҳмийетли жойбардың қурылысын баслап берди.

Буннан соң мәмлекетимиздиң Баку қаласындағы елшиханасы жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев қатнасты.

Жетекшилер рәмзий лентаны кесип, дипломатиялық ўәкилхананың жаңа имаратын салтанатлы түрде ашты.

Мәмлекет басшылары дипломатлардың еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге қаратылған нәтийжели жумысы ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Елшихана заллары Өзбекстан аймақларының аты менен аталған. Президентимиз халықларымыз арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик белгиси сыпатында заллардан бирине Қарабағ атын бериўди усыныс етти.

Жуўмағында Президентлер елшихананың Ҳүрметли мийманлар китабына тилеклерин жазып қалдырды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжанға мәмлекетлик сапарының биринши күни жуўмағында Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев пенен биргеликте «Sea Breeze» дем алыў комплексиниң жумысы менен танысты.

Сапар етиў ўақтында Каспий теңизиниң батыс жағасындағы бул ири халықаралық туристлик орайдың жумысы ҳаққында презентация өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысына бул жерде жаратылған шараятлар, дем алыў зоналары, пляжлар, спорт майданшалары, мийманханалар, коттеджлер ҳәм турақ жай комплекслери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Жойбар заманагөй «Каспий дәрьясы»на айланған. Курорт дерлик 500 гектар майданды ийелеген. Бул жерде 6,5 километрлик пляж зонасы, 150 гектар майданда жасыл аймақлар ҳәм дем алыў объектлери  болып, 700 мыңға шамалас терек ҳәм путалар егилген.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

 

ӨзА