Шушада ЭБШ бизнес форумы басланды

Бүгин Әзербайжанның Шуша қаласында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭБШ) XVII саммити шеңберинде «Инвестиция ҳәм саўдаға жәрдемлесиў – ЭБШ регионында турақлы раўажланыў факторы» атамасындағы 6-бизнес форумы болып өтпекте. Бул абырайлы халықаралық илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Ваҳобов басшылығындағы исбилермен топар ўәкиллеринен ибарат делегациямыз да қатнаспақта. Сондай-ақ, илажда Әзербайжан, Аўғанстан, Тәжикстан, Түркия, Қырғызстан, Пакистан ҳәм Қазақстаннан тийисли шөлкемлердиң жуўапкер басшылары қатнаспақта.
Он мәмлекетти бирлестирген регионаллық шөлкем – ЭБШ ның тийкарғы ўазыйпасы ағза мәмлекетлер арасында турақлы экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў және саўда ҳәм инвестиция тараўындағы интеграцияны беккемлеўден ибарат. 1985-жылы Иран, Пакистан ҳәм Түркия басламасы менен дүзилген структурага 1992-жылдан кейин Орайлық Азия ҳәм Кавказ регионынан жети мәмлекет, сониң ишинде Өзбекстан да қосылды. Бүгинги күнде ЭБШ шеңберинде саўда, транспорт, энергетика, туризм, аўыл хожалығы, экология, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў сыяқлы әҳмийетли тараўларда кең көлемли бирге ислесиў жолға қойылған.

Республикамыз ўәкили илажда шығып сөйлеп, Өзбекстанның сыртқы саўда байланыслары, регионаллық экономикалық интеграция процесине тәсири ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берип, ағза мәмлекетлер менен еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў және кооперация имканиятын беккемлеў мәселесине айрықша итибар қаратты.
Атап айтқанда, мәмлекетимиз Әзербайжан менен агросанаат тараўында бирге ислесиўден мәпдар екенин атап өтти.
– Бирге ислесиўге еки тәрептен де қызығыўшылық күшли, себеби бизде логистика қәрежетин кескин азайтыў имканияты бар, – дейди Д.Ваҳобов. – Ҳәзир Әзербайжан арқалы Европаға экспорт жақсы жолға қойылған, бирақ импорт көлеми аз. Соның ушын алып келинетуғын товарлардың баҳасы жоқары. Қашан тең салмақлы айланысқа ериссек, исбилерменлер логистика қәрежетин азайтады. Нәтийжеде өзине түсер баҳасы төменлейди.
2024-жылдың жуўмағы бойынша, ЭБШ мәмлекетлери менен улыўма сыртқы саўда айланысы 11 миллиард доллардан артты. Соннан 5,56 миллиард доллар экспорт, 5,48 миллиард доллар импорт.
Форум даўамында В2В ҳәм B2G форматларында ушырасыўлар шөлкемлестирилип, жаңа бизнес идеялары, бирге ислесиў жойбарлары додаланбақта. Әнжуман исбилерменлеримиз ушын жаңа базарларға кириў, ЭБШға ағза мәмлекетлер менен саўда-экономикалық байланыс көлемин кеңейтиўге хызмет етеди.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА