Макрон ҳәм Путин 3 жылдан соң және сөйлести

Франция Президенти Эммануэль Макрон 2022-жыл февраль айында Россияға сапар етип, кәсиплеси Владимир Путин менен ушырасқан. Тилекке қарсы кейин ала өз-ара сөйлесиў тоқтап қалған еди.
Кеше мәмлекет басшылары соңғы үш жыл ишинде биринши мәрте телефон арқалы сөйлести. Бул сәўбет Кремль тәрепинен «әҳмийетли» деп баҳаланды.
Елисей сарайы өз билдириўинде пикир талас еки саат даўам еткенин, Макрон сәўбетлесин Украинада оқ атыўды тоқтатыў ҳәм келиспеўшиликти сапластырыў ушын сөйлесиў баслаўға шақырғанын айтты.
Путин Макронга және бир мәрте Украинадағы урыс «Батыс сиясатының тиккелей тәсири, РФның қәўипсизлик мәпине итибар берилмегени ақыбети» екенин атап өтти.
– Москва ҳәм Киев арасындағы ҳәр қандай тынышлық келисиминиң кең көлемли ҳәм узақ мүддетли характерге ийе болыўы, жаңа аймақлық ҳақыйқатлыққа тийкарланыўы керек, – деп Путинниң сөзлеринен силтеме келтирген Кремль.
Макрон уйымы Франция Президенти қоңыраў ўақтында Париж Украинаның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин сөзсиз қоллап-қуўатлағанын атап өтти.
Мусулмон Зиё, ӨзА