Күшлилер ярым финалға шықты

Ҳәзирги күнлери Нөкис қаласында футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети» кубоги жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтпекте.

Кеше жарыстың шерек финал ойынлары өткерилди. Қызықлы өткен усы ойынлар шеңберинде, Нөкис қаласы командасы Кегейли районы, Шымбай районы командасы Тахтакөпир районы, Нөкис районы командасы Әмиўдәрья районы командалары менен өз-ара ушырасып, ойынның тийкарғы ўақтында жеңимпазды анықлай алмады. Ал, төрешилер тәрепинен белгиленген пенальтилер сериясында болса, Нөкис қаласы, Шымбай ҳәм Нөкис районы жаслары өз қарсыласларына қарағанда анықлаў ҳәрекет етип, ярым финал жолламасын қолға киргизди.
Ал, шерек финалдың және бир ойынында болса, қоңыратлы жаслар елликқалалы футболшыларды 2:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.


Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.