Өзбекстан Президентин салтанатлы күтип алыў мәресими болды

415

“Загулба” резиденциясында Әзербайжанға мәмлекетлик сапар менен келген Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев қызғын күтип алды.

Мәмлекетлик гимнлер жаңлады. Әскерий оркестр сазлары астында ҳүрметли қараўыл мәмлекет басшыларының алдынан сап тартып өтти.

Биргеликте сүўретке түсиўден соң Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлериниң тар шеңбердеги ушырасыўы басланды.

ӨзА