Мәмлекетимиз басшысының «Жаңа Өзбекстанның жасыл раўажланыў жолы» китабы тән алынды

Баку қаласындағы Гейдар Алиев орайында «Айланба экономика ҳәм турақлы экосистема» темасында халықаралық конференция болып өтти. Бул бағдарға байланыслы мәселелер бойынша Әзербайжан мәмлекетлик экономика университети 2019-жылдан берли дүньяның абырайлы илимий–изертлеў ҳәм интеллект орайлары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында «Экономика ҳәм менеджмент изертлеўшилери» халықаралық илимий конференциясын турақлы өткерип келмекте.
Гезектеги әнжуман усы конференцияның жетинши мәжилиси есапланып, Әзербайжан мәмлекетлик экономика университети шөлкемлестирилгениниң 95 жыллығына бағышланды. Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – заманагөй глобал қәўип-қәтерлер ҳәм тенденциялар шараятында айланба экономика, турақлы экосистема, альтернатив энергия, жасалма интеллект ҳәм социаллық жуўапкер бизнес сыяқлы әҳмийетли бағдарлардағы илимий-изертлеў жумысларын бирлестириў, тәжирийбе алмасыў және халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў болып есапланады.
Халықаралық әнжуманға Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, АҚШ, Түркия, Германия, Россия, Швеция, Испания, Канада ҳәм Саудия Арабстаны сыяқлы мәмлекетлерден 60 қа шамалас сырт ел изертлеўшилери, илимпазлары, интеллект орайлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Әнжуман шеңберинде «Қолайлы энергия дәреклери арқалы экономикалық, экологиялық ҳәм энергетикалық машқалаларды шешиў перспективалары» атамасындағы панель сессиясында Турақлы раўажланыў орайының экспертлери «Жасыл раўажланыў жолында: Жаңа Өзбекстанда альтернатив энергия имканиятлары» атамасындағы баянат пенен қатнасты.
Баянат даўамында альтернатив энергия дәреклери арқалы экономикалық, экологиялық ҳәм энергетикалық машқалаларды сапластырыў перспективасы, глобал климат өзгериўине бейимлесиў, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, «жасыл» экономикаға өтиў бағдарында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар кеңнен додаланды. Соның менен бирге, халықаралық бирге ислесиў имканиятлары ҳәм перспективалы жойбарлар бойынша пикир алысылды.
Әнжуман шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң климат өзгериўине қарсы гүресиў, суў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, биокөптүрлиликти сақлаў ҳәм «жасыл» экономикаға өтиў бағдарында халықаралық, регионаллық ҳәм миллий дәрежеде алға қойған әҳмийетли басламаларын өз ишине алған «Жаңа Өзбекстанның жасыл раўажланыў жолы» атамасындағы китап та усынылды.
Бул топламда мәмлекет басшысының «жасыл» раўажланыў процесслерине байланыслы стратегиялық көзқараслары, концептуаллық идея ҳәм қатнасықлары билдирилген. Шығармада, сондай-ақ, дүньядағы қыйын геосиясий жағдай, глобаллық экономикадағы турақсызлық, азық-аўқат ҳәм энергия ресурсларының жетиспеўшилиги, экологиялық машқалалар барған сайын кескинлесип атырғаны, кең көлемли халықаралық бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлердиң әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилген.
Конференция қатнасыўшылары бул китапты үлкен қызығыўшылық ҳәм ҳүрмет пенен күтип алды. Ол тек ғана концептуаллық идеяларға бай емес, ал әмелиятқа бағдарланған жол картасы сыпатында да жоқары баҳаланды.
Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған әҳмийетли идеялардан бири –«…шекленген жер ҳәм суў резервлеринен үнемли пайдаланыў, экологиялық машқалаларды сапластырыў, «жасыл» раўажланыў, «жасыл» экономика ҳәм «жасыл» энергетикаға өтиў арқалы мәмлекет экономикасын турақлы раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў мүмкин. Бул – бирден-бир ҳәм ең дурыс жол», деген көзқарас болды. Бул сөзлер Өзбекстанның турақлы келешеги философиясын белгилеп берип, кең көлемли экологиялық ҳәм экономикалық өзгерислер ушын әҳмийетли жол-жоба ўазыйпасын атқарады.

Өзбекстан «жасыл» раўажланыў бойынша кең көлемли ҳәм әҳмийетли бағдарламаларды әмелге асырыўға кирискен. Бул мәмлекеттиң энергетика тараўында стратегиялық бурылысын аңлатады. Экономиканы трансформациялаў ҳәм ыссыхана газлери шығындыларын азайтыў бойынша бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилген.
Бүгинги күнде «жасыл» раўажланыў мәмлекет экономикасы ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларын қамтып алған ҳалда улыўма миллий ҳәрекетке айланбақта.
Регионаллық бирге ислесиў арқалы Орайлық Азияны «жасыл» экономика ҳәм таза энергияның глобал орайларынан бирине айландырыў мақсет етилген.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясы мәмлекетти узақ мүддетли турақлы раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ҳүжжет сыпатында, «жасыл» экономиканы раўажландырыў, қайта тикленетуғын энергия үлесин көбейтиў, ыссыхана газлери шығындыларын 35 процентке азайтыў, санаатта энергия нәтийжелилигин арттырыў, «жасыл» инвестицияларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларды белгилейди.
– Өзбекстанда «жасыл» экономикаға өтиў бойынша әмелге асырылып атырған сиясий ҳәм әмелий илажлар тек ғана миллий турақлылық емес, ал пүткил Орайлық Азия ушын алдынғы тәжирийбе сыпатында хызмет етпекте, – деди Германияның Рур университети профессоры Элхан Садықзада. – Өзбекстан бул мәселелерге стратегиялық дәрежеде комплексли қатнас жасап, экологиялық, экономикалық, энергетикалық ҳәм социаллық машқалаларды өз-ара байланыслы ҳалда шешиўге умтылмақта. Бундай системалы ҳәм кең көлемли қатнас халықаралық көлемдеги бирге ислесиўди талап етеди.
– Баку әнжуманы Өзбекстанның глобал дәрежедеги «жасыл» сиясаттағы белсенди ролин және бир мәрте тастыйықлады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстанның жасыл раўажланыў жолы» шығармасы пүткил регионның турақлы раўажланыўы ушын илҳам дәреги ҳәм әмелий жол картасы сыпатында тән алынды. Бул басламалар тек ғана миллий дәрежеде емес, ал дүнья жүзиндеги экологиялық ҳәм экономикалық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Баку қаласында өткерилген «Айланба экономика ҳәм турақлы экосистема» темасындағы халықаралық конференция мәмлекетимиздиң «жасыл» раўажланыў ҳәм экологиялық турақлылыққа қаратылған сиясий ҳәм илимий көзқарасларын халықаралық майданда көрсетиўде әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарғанын атап өтиў керек.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА