ШБШ – өз-ара мәплер бирлиги

Өзбекстанның сыртқы саўда айланысында Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми мәмлекетлериниң үлеси соңғы 3-4 жылда 50-51 процентти қурамақта. Мәмлекеттиң ШБШдағы қатнасында саўдадан тысқары және бир әҳмийетли тәрепи бар. Ташкентте ШБШның регионаллық антитеррор орайы жайласқан. Бул болса өз-ара қәўипсизликти тәмийинлеўде Өзбекстанның орны әҳмийетли екенлигин көрсетеди. Улыўма, шөлкем шөлкемлестирилгеннен берли Өзбекстан оның жумысында белсене қатнасып келмекте. ШБШ шеңберинде саўда, инфраструктура ҳәм транспорт тармақларын раўажландырыў және ағза мәмлекетлер арасында экономикалық байланысларды кеңейтиўге қаратылған көплеген басламаларды алға қойған.
ШБШ жумысы оның Циндаодағы штаб-квартирасынан муўапықластырылады. Оның бир неше аймақлары бар. 108 квадрат километр майданда транспорт логистика системасы, теңиз порты, темир жол ҳәм арнаўлы аэропорт жайласқан. Олардың барлығы бирден-бир басқарыўға бирлестирилген. Бул жерде Евроазия мәмлекетлери менен ШБШ шеңберинде товар алмасыў шөлкемлестирилген. 23 мәмлекетке товарлар усы жерден жибериледи ҳәм керисинше усы жерге алып келинип кейин тарқатылады. Оның қурамында Pearl International Expo Center – ШБШның турақлы жумыс алып баратуғын халықаралық көргизбеси жумыс алып бармақта. Және бир тәрепи сонда, халықаралық экономикалық байланыслар қәнигелерин оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў ушын бул жерде қәнигелескен институт та ашылған.
Орай ШБШ шеңбериндеги барлық дәрежеде шөлкемлестирилетуғын ушырасыўларды муўапықластырады, логистика ҳәм товар алмасыўды қоллап-қуўатлайды, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў тараўын жүргизеди және форум, көргизбелер шөлкемлестиреди. Солай етип, Циндао ШБШны ҳәрекетке келтиретуғын әҳмийетли қалаға айланды.
Бүгин бул жерде Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекетлердиң журналистлериниң қатнасыўында «Уллы жипек жолы бирлестиреди, ШБШ өз-ара пайдаға жетеклейди» сүрени астында медиафорум өз жумысын баслайды.
Муҳаммаджон Обидов, ӨзА
Циндао, Қытай