Халықаралық бирге ислесиў байланыслары беккемленбекте

225

Республикалық орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм оларды қәнигелестириў орайы Наўайы филиалының директоры, философия илимлериниң докторы Вали Тўрақулов басшылығындағы делегация Малайзияның Султан Абдул Ҳалим Муадзам Шоҳ халықаралық ислам университетинде (UniSHAMS) болды.

Вали Тўрақуловтың атап өтиўинше, бул сапар етиў халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, медицина тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў, академиялық бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, оқыў ҳәм илимий жумыста алдынғы көзқарасларды енгизиў мақсетинде шөлкемлестирилген.

Ушырасыў халықаралық көлемдеги медициналық билимлендириўди модернизациялаў, Өзбекстан медицина тараўын раўажландырыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли.

А.Бўриев, ӨзАның хабаршысы