Ақтеңге Түркияда чемпион атанды

244

Түркияның Кочаели қаласында  спорт гүреслери бойынша халықаралық турнир болып өтти.

Бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасты. Атап айтқанда, 50 ҳәм 53 кг салмақ категорияларында Актенге Кеунимжаева менен Шоҳида Аҳмедовалар алтын медальды ийелеген болса, -76 кг да қатнасқан Светлана Оқназарова гүмис, -61 ҳәм 74 кг да Сардор Рўзимов пенен  Жафар Чўлибоевлар қола медалын жеңип алыўға еристи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги