Өзбекстан – Әзербайжан: Парламентлераралық форум шеңберинде Хийўа декларациясы қабыл етилди

210

Әййемги ҳәм гөззал Хийўа қаласында Биринши Өзбекстан – Әзербайжан парламентлераралық форумы болып өтти. «Жаңа имканиятларға қарай: сөйлесиўден биргеликтеги ҳәрекетлерге шекем» атамасында өткерилген абырайлы әнжуман еки мәмлекет арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге қаратылған кең көлемли әҳмийетли платформа болды.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында дипломатиялық қатнасық орнатылғанының 30 жыллығы алдынан өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси ағзалары және еки мәмлекеттиң жаслар парламентлериниң ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Өзбекстан ҳәм Әзербайжан қатансықлары халықларымыз арасында дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм туўысқанлық қатнасықлары менен беккемленгенин айрықша атап өтти. Еки мәмлекет Президентлери – Шавкат Мирзиёев ҳәм Илҳам Алиевтиң ис-ҳәрекетлери менен мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар стратегиялық бирге ислесиў ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилди.

Әзербайжан Миллий Межлиси Баслығы Саҳиба Гафарова мәмлекетлеримиз басшыларының сиясий ерк-ықрарына тийкарланған дослық ҳәм туўысқанлыққа сүйенген қатнасықлар парламентлераралық форматта жаңа дәрежеге шыққанын атап өтти.

Парламентлеримиз жаңа форматта мәмлекетлераралық қатнасықларды тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыўға түртки береди.

Форумда дослық топарларының жумысын кеңейтиў, оларды парламентлераралық комиссиялар дәрежесине алып шығыў, биргеликтеги нызамшылық басламаларын ислеп шығыў, жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, санлы трансформация ҳәм экология сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы мәселелер кеңнен додаланды.

Аймақлық ўәкилликли уйымлар арасында тәжирийбе алмасыў механизми енгизиледи. Бул парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм социаллық, экономикалық раўажланыўдағы ҳәр қыйлы қатнаслардың нәтийжелилигин арттырыўға тийкар жаратады. Бул баслама жергиликли дәрежедеги нызам шығарыўшы уйымлар арасында билим ҳәм тәжирийбе алмасыўға, машқалаларды шешиўде жаңаша көзқараслар ҳәм жумыс усылларын енгизиўге имканият береди. Нәтийжеде ҳәр бир аймақта унамлы өзгерислер жаратыў ушын қолайлы шараятлар жаратылады.

Форум шеңберинде өткерилген «Стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўда парламентлердиң роли: нызамшылық басламалары, жоқары дәрежедеги келисимлер ҳәм олардың орынланыўын қадағалаў»  атамасындағы панель сессиясында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў, атқарыў ҳәкимияты үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў, пуқаралық жәмийети ҳәм ҒХҚ менен нәтийжели бирге ислесиўди шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша пикир алысылды. Нызам үстинлиги, ашық-айдынлық, есап бериў, бюджетти қадағалаў, коррупцияға қарсы гүресиў үстинен парламентлик қадағалаў, инсан ҳуқықлары ҳәм демократиялық институтларды қорғаў тийкарғы темалардан болды.

«Экономикалық раўажланыўды парламент тәрепинен қоллап-қуўатлаў: бизнес ҳәм инвестициялар ушын жаңа имканиятлар» темасындағы панель сессияда еки мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўы ушын парламентлер тәрепинен нызамшылық тийкарларын ҳәм инвесторлар ушын қолайлы орталық жаратыў, киши бизнести хошаметлеў мәселелери додаланды. Санлы экономика, мобиль стартаплар, жасыл технологиялар ҳәм экологиялық жойбарларға инвестиция тартыў бойынша пикирлер билдирилди.

Интеллектуаллық капитал ҳәм санлы трансформация тараўындағы бирге ислесиў мәселелерин додалаў процесинде заманагөй технологиялар, санлы раўажланыў ҳәм инновациялық орталықты қәлиплестириў, билимлендириў ҳәм илим тараўларында парламентлераралық бирге ислесиўди және де тереңлестириўге байланыслы пикирлер билдирилди. Жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилер ушын грантлар ажыратыў, технопарклер ҳәм илимий инкубаторлардың жумысын кеңейтиў, жоқары билимлендириў мәкемелери арасында академиялық алмасыўды жеделлестириў бойынша әмелий усыныслар алға қойылды.

Санлы трансформация тараўында нызамшылық тийкарларын беккемлеўде аралықтан билимлендириў, электрон китапханалар, ашық илимий мағлыўматлар базаларын жаратыў, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм авторлық ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў зәрүр екенлигине итибар қаратылды. Илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, интеллектуаллық мүлкти қорғаў, инновациялық кластерлер ҳәм ойлап табыўларды әмелиятқа енгизиў бағдарында парламентлердиң қатнасыўын кеңейтиў бойынша тәжирийбе алмасылды.

Мәденият, туризм ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында парламентлераралық байланысларды беккемлеўге қаратылған сессияда қатнасыўшылар тәрепинен мәдений алмасыўлар, көргизбелер ҳәм биргеликтеги мәдений орайлар шөлкемлестириў, тарийхый мийрасты сақлаў және өзбек ҳәм әзербайжан тиллерин үйрениўди хошаметлеўде парламентлер белсене қатнасып атырғаны атап өтилди. Туризм тараўында виза тәртиплерин әпиўайыластырыў, тарийхый-мәдений ҳәм экологиялық бағдарларды раўажландырыў, тараўға инвестицияларды тартыў, биргеликтеги туристлик брендлер жаратыў сыяқлы басламалар парламентлераралық байланыслардың жаңа форматы сыпатында алға қойылды.

Жасыл келешек, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин қорғаўда парламентлердиң ролин додалаўда климатқа бейимлескен нызамшылықты қәлиплестириў, миллий ҳәм регионаллық тийкарғы бағдарлар көрип шығылды. Климат өзгериўине қарсы гүресиўде парламентлердиң орны, турақлы раўажланыў ушын нызамшылық басламалары, парник газлери шығындыларын азайтыў, жасыл энергетиканы раўажландырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, шығындыларды қайта ислеў ҳәм пластиктен пайдаланыўды қысқартыў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша пикир алысылды.

Жасыл экономика ҳәм айланба раўажланыў модельлерин алға қойыўда парламентлераралық бирге ислесиўге байланыслы сөйлесиўде жасыл технологиялар ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў, экологиялық билимлендириў ҳәм мәдениятты раўажландырыў, жаслар арасында эко-басламаларды үгит-нәсиятлаў, «саламат қала» инфраструктурасын – веложоллар, жасыл зоналар, спорт майданшалары ҳәм ғалабалық илажлар арқалы қәлиплестириў бағдарындағы парламент басламалары додаланды.

«Жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўында ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ҳаўазы: парламент перспективасы» темасындағы сессияда ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың жәмийетлик-сиясий турмыстағы қатнасын кеңейтиў, оларды нызамшылық жолы менен қоллап-қуўатлаў ҳәм бул бағдарда тәжирийбе алмасыў ҳаққында сөз болды. Заманагөй экономикада ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың белсендилигин арттырыў ушын нызамшылық тийкарларын жаратыў, салық жеңилликлери, стартаплар ушын грантлар ажыратыў, кәсипке бағдарлаў ҳәм технологиялық билимлендириўге кең жол ашыў бойынша усыныслар билдирилди.

Жаслар парламентлериниң ўәкиллери жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, оларды қарар қабыл етиў процесслерине тартыў, экология, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы технологиялар тараўындағы парламент басламаларында қатнасыўын кеңейтиў ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.

Форум даўамында «Жаңа имканиятларға қарай: қарым-қатнастан биргеликтеги ҳәрекетлерге шекем» атамасында еки мәмлекет парламентлери дослық топарларының ушырасыўы болып өтти. Онда парламентлер арасында қабыл етилген бирге ислесиў ҳүжжетлериниң орынланыўы, алдағы режелер додаланды. Соның ишинде, комитетлераралық нызам дөретиўшилиги, парламент қадағалаўы шеңберинде өз-ара тәжирийбе аламасыў, аймақлық ўәкиллик уйымлары менен жедел сөйлесиўлерди буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Жас парламент ағзалары арасында бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыў бойынша пикир алысылды. Сөйлесиўлер ўақтында парламентлераралық топардың нәтийжели жумысы айрықша атап өтилип, өз-ара байланысларды комиссиялар дәрежесинде және де жеделлестириўге келисип алынды.

Еки мәмлекет парламентлериниң ўәкиллери арасында өткерилген ушырасыўда ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелерине итибар қаратылды.  Тәреплер билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық тараўларда өз-ара тәжирийбе алмасыў, жаслар арасында мәдений-гуманитарлық жойбарларды жолға қойыў бойынша бирдей пикир билдирди.

Улыўма, Өзбекстан – Әзербайжан парламентлераралық форумы өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге хызмет етти. Форум жуўмақлары бойынша әмелий усынысларды өз ишине алған Хийўа декларациясы қабыл етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы