Жол инфраструктурасын жақсылаў жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте

Төрткүл районында жол-транспорт инфраструктурасын жетилистириў, халық ҳәм мийманлар ушын қәўипсиз және қолайлы ҳәрекетлениў шараятын жаратыў мақсетинде әмелий жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.
Әсиресе, районда үлкен әҳмийетке ийе болған Д-154 автомагистралының техникалық жағдайын жақсылаў бойынша кең көлемли оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бул жолдағы кемшиликлерди сапластырыў жумыслары Төрткүл районлық жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылмақта.

Жол оңлаў процесинде заманагөй қурылмалар ҳәм техникалардан пайдаланылмақта. Маман қәнигелердиң қатнасыўында жол қапламасындағы ойықлар, жарықлар ҳәм басқа да техникалық кемшиликлер толық сапластырылмақта. Бул болса жол ҳәрекети қатнасыўшылары ушын қәўипсизлик дәрежесин арттырыўға хызмет етпекте.
Сондай-ақ, жол оңлаў жумысларының нәтийжеси сыпатында келешекте Д-154 жолын жедел ҳәрекетлениўге мөлшерленген, турақлы ҳәм беккем жағдайға келтирилиўи режелестирилген. Бул халыққа қолайлық жаратыў менен бирге, районның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына да унамлы тәсир көрсетеди.

Жол қурыўшылар тәрепинен алып барылып атырған пидәкерлик мийнет нәтийжесинде жаңаланған жоллар жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги